Telegram karinform

Сиясат

  • 30.04.2020 13:58
  • 2263

Нөкис районы ҳәкими тайынланды

Нөкис районы ҳәкими тайынланды
30-апрель күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Нөкис районы ҳәкими тайынланды
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳəм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, бул бағдарда қала ҳәм районларда шаңарақларға қәўендерлик етиўди усынған исбилерменлик субъектлерине жеңилликлер бериў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри лаўазымында ислеп келген Уснатдинов Омирбай Аманбаевичтиң кандидатурасын усынды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Нөкис районы ҳәкими тайынланды
Сессияда О.Уснатдинов Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, О.Уснатдинов өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери секретариаты баслығы, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Аўыл хожалығында суўға болған талапты режелестириў ҳәм метеорология басқармасы баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар