Қарақалпақта май айы келсе үлкен той. Бул айда әдебиятымыздың қос байтереги И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлар туўылған. Май айында Ә.Өтепбергенов, Т.Қабулов, А.Бекимбетов, Б.Генжемуратов, Н.Төрешова сыяқлы бир қатар әдебиятымыз тулғалары да өз туўылған күнлерин белгилейтуғынын көпшилик билмесе де, бул еки байтеректиң шырлап дүньяға шыққан күнин халық асығыслық пенен күтеди.
Жаслайымыздан көбирек поэзияға ықласлы болғаным ушын И.Юсупов қосықлары мен ушын ең дәслепки жолшы жулдыз, өзи болса ғайыбана устаз болды. Ақыры, бақшаға барғаннан баслап апайларымыз «Жайҳун жағасында өскен байтерек» деп ол жазған гимнди үйреткен. «Ана тилим сен басқадан айырмам» деп ҳәр жылы тил байрамында мектеп сахнасында оның қосықларын ядқа айтқанбыз. Мен ол киси менен аз да болса заманлас болғаным менен жүз көрисип сәўбетлес бола алмағанман. Бирақ, оның менен байланыслы түби шынлыққа барып тақалатуғын әпсаналарды өзи тирисинде-ақ еситип үлгергенмен.
«Гилең уллы шайырлардың гештегинде сол жердиң «атаман» шайыры шығып И.Юсуповты пайғамбар деп атағаны» ҳаққындағы әпсананың төркинин өткен жылы сөз зергериниң 90 жыллық мерекесинде шайырдың өзи жасаған үйине орнатылған мемориал тахтаның ашылыўында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, композитор Нәжиматдин Аңсатбаевтан еситкенмен. Ол әне сол ўақыяның ең тийкарғы кишкене қаҳарманларынан бири болған екен.
«Шайыр-жазыўшылардың сол басқоспасында мен сақый (тамада) болдым. Қайсын Қулиев стаканын шарапқа толтырды да салдамлылық пенен гәп баслады. «Мен бул қадақты түркий поэзиясының пайғамбары ҳүрметине ишемен, - ҳәмме Қайсын ағаға таңланып қарады, - Ол пайғамбар сен емессең, Шыңғыс, сен прозаиксең. Сен де емессең Мустай, - ол башқурттың даңқлы шайырына қарады, - сен поэзияны да, прозаны да, драматургияны да қосып арқалап жүрсең. Өкпелеме, ол сен ҳәм емессең авардың ардақлы шайыры Расул. Сениң жер жәҳәнге белгили болып атырғаның аўдармашыңның күдиретлилигинен. Мен түркий поэзиясы пайғамбары деп Ибрайым Юсуповты тән аламан. Мен оның қосықларын өз ана тили – қарақалпақ тилинде оқып түсине алғаным ушын өзимди бахытлы сеземен». Қайсын аға солай деп Ибрайым ағаның алдына барып стаканын бир көтерди де босатты… Ибрайым ағаның көзинше усыны басқаларға айтсам «басқа гәпиң жоқ па» деп бақырып таслар еди…». Шайырдың өзин мақтағанларды онша хош көрмейтуғынын көп еситкенмен.
Және оның көрегенлиги ҳаққында да «Әмиўдәья» журналының 2011-жыл, 4-санында Ж.Әбдимуратовтың мақаласында былай делинеди: «Бердақтың естелигин орнатарда қай жерге орнатыў туўралы көп тартыслар болды. Ибрайым аға театрдың алдына орнатыўды усыныс етип, пикиринде қатты турып алды. Театр Станиславскийдиң атында, оның алдында Бердақтың ескерткиши турса үйлеспейди, туўры келмейди, - деген қарсылық көп болды. Сонда Ибрайым аға:«Станиславскийлер еле үйине қайтады» - деген еди ҳәм өзиниң усынысын өткерди. Ол усы жерден алысқа бармай-ақ Берлинде, Лондонда, Парижде, ҳәттеки Американың көкти қақ жарған жайларының есигинен сығалап көрмей-ақ ишинде жасап атырғанлардың тамырына қол салып, не деп соғып турғанын аңлағанына таңланса болады».
Және де шайырдың «Бул жер еле зор болады» деген сөзлери де бүгин өз тастыйығын таппақта. Демекши болғаным, бундай көрегенлик әнейи инсанларда бола бермейди. Шайыр және ел ақсақалы Үббинияз Әширбеков «Ибрайым аға қуранды жүдә бир қирәәтке салып оқыйтуғын еди» деген еди бир шығып сөйлеўинде. Өткен жылы Халқабадтан Нөкиске қарай Шымбайдың автобусына миндим. Шофёр ағай бир гүрриңшил адам екен. Бир ўақта шофёрдың жанында отырған киси Қуўанышжармадағы посттан өткен соң көзи илинип бираз мызғып алайын деп еди, шофёр «уйықламай тур жора, «Сарыбас ата»ға жақынлап қалдық, бир қуран оқып жиберсең-о» деди. Сәл үнсизликтен соң тағы қосып қойды: «Ҳаслында биз де Ибрайым Юсупов ийшанның әўладларынанбыз, бағана таҳаратымды бузып алып едим, оның үстине рульдемен». Қасындағы киси әсте даўыста «фотиҳа» cүресин оқып баслады. Мен Ибрайым Юсуповтың әкеси ахун болғанын билип, шайырдың өзи де қуранды жүдә шырайлы даўыс пенен қирәәтке салып оқый алатуғынын еситкеним болмаса, оны мына журт қусап тийкарынан шайыр сыпатында танып жүр едим.
Ҳәзир гәптиң ҳағын айтыў керек, көпшилик (қуры жаслар демей-ақ кояйық) әпиўайы телефоннан-ақ көп исин питирип атыр. Китапты да соннан оқып, тилди де соннан үйренип атырғанлар баршылық. Жақында И.Юсуповтың өзи:
Нәлет айтып сен жасаған заманның жәбирине,
Егер сен тирилер болсаң, мен жатайын қәбириңе, - деп тәрип берген уллы татар шайыры Ғабдулла Тоқайдың 134 жыллық мерекеси мүнәсибети менен интернетте челлендж өткерилип онда пединституттан Айнура Жаңабергенова ҳәм Айнура Қалбаева деген қызлар белсене қатнасқаны ушын «Рахмет хаты» менен сыйлықланды. Сондағы ислеген мийнетлери Тоқайдың еки-үш шуўмақ қосығын ядқа айтып видеоға алып жибериў, болғаны. Мине, усындай әпиўайы, бирақ заманагөй усылларда биз де И.Юсуповты еле де халықаралық көлемде кең үгит-нәсият етиўимиз керектей. Дурыс, ҳәзир социаллық тармақлардағы бираз каналлар елимиз бойлап бундай челленджлерди өткерип келмекте. Бирақ, буны еле де кеңирек масштабта, тийисли шөлкемлер менен биргеликте алып шықсақ жүзикке қас қондырғандай болар еди.
Бул гәплерден шайырдың китаплары оқылмай баслағаны ушын «реклама» керек деген пикир келип шықпаў керек. Тек өзбек, қазақ, татар, рус, инглис сыяқлы бир неше тиллерге аўдарылған шайыр қосықларын пүткил дүнья үн қосып айтыўы керек, И.Юсупов буған ҳақылы» демекшимен.
Поэзия жулдызынаҲүўиллеп бозлап жатыр түрки дүнья
Тулғасыз қалдырмағай түлки дүнья,
Ибрайым, Шыңғыс, Расул, Абдуллалар,
Мухтар, Қайсынлар… бәри тәрки дунья.
Ҳәр шыққанлар әдебият шыңына,
Заң қосады көркем сөздиң заңына,
Қай бир әўлад орнын аз-кем басса да,
Гүман көп Ибрайымнан аспағына.
Өйткени ол Поэзия жулдызы,
Ала алмас оны ҳеш ким жулғызып,
Қайсы әўлад еслемесе шайырды,
Сабаң мени гөримнен тик турғызып.
Болмас ондай, мәзи мениң талабым,
Неге керек әўладларға жаланың!
Ол перзенти мәңгиликке бул жердиң,
Дийхан баба нәпеси бар даланың.
Аллаяр Дәрменов,
Әжинияз атындағы НМПИ түркий тиллер факультетиниң 4-курс студенти.05.05.2020.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz