Telegram karinform

Мәденият

  • 11.05.2020 17:35
  • 2186

Дүньяның 300 ден аслам тиллерине аўдармаланған китап енди қарақалпақ тилинде – «Кишкене шаҳзада»

Дүньяның 300 ден аслам тиллерине аўдармаланған китап енди қарақалпақ тилинде – «Кишкене шаҳзада»

Белгили француз жазыўшысы Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» шығармасы талантлы жазыўшы Гүлнара Ибрагимова тәрепинен рус тилинен қарақалпақ тилине аўдарма исленди ҳәм быйыл Ташкент қаласында баспадан шықты. Бул ҳаққында «Әдебий Блогнот» каналы хабар берди.

«Кишкене шаҳзада» шығармасы дүнья әдебиятының қунлы шығармаларының бири болып есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, бул шығарма дүньяның 300 ден аслам тиллерине аўдармаланған болып, ең көп тиллерге аўдарма исленген дөретпелер арасында дүньяда 2-орынды ийелейди.

Бул философиялық ертектиң тийкарғы қаҳарманлары Ушыўшы, Кишкене шаҳзада, Түлки ҳәм Жылан болып, шығарма өз планетасын таслап кетип, әлем бойлап саяхат еткен Кишкене шаҳзаданың өмирдиң мазмуны не екенлигин түсиниўи, яғный өзи туўылған планетасында өз гүлин сүйиўи, оның қәдирин билиўди үйрениўи керек екенлиги ҳаққында сөз етеди.

Шығарма жети жастан жетпис жасқа шекемги китапқумарлар ушын бирдей қызықлы ҳәм мәнили болып, дүнья әдебиятының ажыралмас бир бөлегине айланған.

Аўдарма авторының бизге мәлим етиўинше, китап жақын күнлерде китапқумарлар қолына тийиўи күтилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында