Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 10:22
  • 1199

Әмелдеги карантин талаплары 1-июньға шекем узайтылды

Әмелдеги карантин талаплары 1-июньға шекем узайтылды
Усы жылдың 13-май күни өткерилген видеоселектор жыйналысында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен эпидемиологиялық жағдайдың дизгинин беккем услаған ҳалда карантин талапларын жумсартыўды басқышпа-басқыш даўам еттириў арқалы экономикалық белсендиликти тиклеў және халықтың жумыс ислеўи ҳәм дәрамат алыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли илажлар белгилеп берилген еди.

Атап айтқанда, «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда хызмет көрсетиў түрлерине басқышпа-басқыш рухсат бериў мүмкинлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, видеоселектор жыйналысында айырым жерлерде берилген еркинликти надурыс түсинип, халық, әсиресе, жаслар ҳеш қандай зәрүрликсиз көшелерди толтырып жүриў жағдайлары бақланып атырғаны көрсетип өтилди. Бундай жағдайлар және соңғы күнлерде инфекция жуқтырғанлар санының және көбейип атырғаны ҳәммемизди сергекликке шақырады.

Усыларды есапқа алып, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 14-майдағы қарары тийкарында әмелдеги карантин талаплары 2020-жылдың 1-июнь күнине шекем узайтылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында