Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 11:10
  • 1433

15-майдан баслап қайсы хызмет түрлерине рухсат бериледи?

15-майдан баслап қайсы хызмет түрлерине рухсат бериледи?
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-майдан баслап төмендеги хызмет түрлерине рухсат бериледи:

А) «қызыл» категориядағы аймақларда:

- жеке тәртиптеги өнерментшилик;
- автомобильлерге ҳәм аўыл хожалық машиналарына техникалық хызмет көрсетиў;
- электрон қурылмаларды (компьютер ҳәм турмыслық техникалық қураллар) ҳәм байланыс қуралларын оңлаў;
- ижара ҳәм лизинг хызметлери;
- бухгалтерия тараўына байланыслы хызметлер (аудиторлық, салық мәсләҳәти ҳәм басқалар) көрсетиў.

Б) «сары» категориядағы аймақларда «қызыл» категориядағы аймақларға қосымша түрде:

- риэлторлық хызмет;
- реклама ҳәм маркетинг хызмети;
- жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумыслары;
- мийманханаларға өз асханаларында аўқат писириў және бөлмелерге жеткерип бериў;
- парк ҳәм дем алыў бағларының (аттракционлар, кеўил ашар объектлер және қысқа ўақытта аўқат таярлаў орынларының жумыслары буған кирмейди) жумыслары. Бунда парк ҳәм дем алыў бағларына кириў карантин талапларына қатаң түрде әмел еткен ҳалда саат 09:00 ден 20:00 ге шекем 2 адамнан көп болмаған топарларда (шаңарақлық топарлар буған кирмейди) әмелге асырылады.

В) «жасыл» категориядағы аймақларда «сары» ҳәм «қызыл» категориядағы аймақларға қосымша түрде:

- ашық жасалма қапламалы спорт ойынлары майданшалары (келиўшилердиң санын шеклеў шәрти менен, жуўыныў ҳәм шешиниў бөлмелеринен пайдаланбаған және аралықты сақлаған ҳалда);
- компьютер (сканер, нусқа көшириў, текст териў, басып шығарыў) ҳәм полиграфиялық хызметлер;
- музейлердиң жумыслары (келиўшилердиң санын шеклеген ҳәм аралықты сақлаған ҳалда);
- ветеринариялық хызметлер;
- имаратларға хызмет көрсетиў ҳәм ландшафтларды абаданластырыў хызметлери.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...