18-май күни саат 07:00 лер шамасында Төрткүл районлық ИИБ хызметкерлери тәрепинен «Қарадәри-2020» илажы даўамында Төрткүл районы «Мискин» блок постында пуқара Ж.Б. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы транспорт қуралы тоқтатылып, автомашина көзден өткерилгенде көп муғдардағы – 446 дана «Тропикамид» дәрилик затлары бар екенлиги анықланып, айғақлы зат сыпатында рәсмийлестирилип алынған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрьдеги 818-санлы қарарының 1-қосымшасына муўапық, «Тропикамид» дәрилик заты күшли тәсир етиўши дәри екенлиги көрсетилген.
Тергеўге шекемги тексериў даўамында, автомобиль жолаўшысы С.Н. өз көрсетпелеринде, усы 446 дана «Тропикамид» күшли тәсир етиўши дәриси пуқара Ш.А. ға тийисли екенлиги, ол өзи жасайтуғын үйде «Трамадол» психотроп дәрисин сақлап атырғанын айтып өткен.
Жағдай бойынша Төрткүл районлық ИИБ жанындағы тергеў бөлими тәрепинен Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 3-бөлими (Күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затларды нызамға қайшы түрде айланысқа енгизиў) тийкарында жынаят иси ашылған.
Жынаят иси бойынша Ш.А.ның Ш.Рашидов көшесиндеги турақ жайында өткерилген тинтиў-тергеў ҳәрекетлери даўамында 3 дана «Тропикамид» күшли тәсир етиўши дәриси ҳәм ақ реңдеги пакетте 248 орамдағы 2 мың 480 дана «Трамадол Ланнахер Трамадол 50 мг» дәрилик заты, қара реңдеги пакетке оралып, скочланған жағдайда сақланып атырған улыўма 236 дана «Регапен» дәриси және улыўма 50 000 сум пул бар екенлиги анықланып, айғақлы зат сыпатында рәсмийлестирилип алынған.
Ҳәзирги ўақытта жынаят иси бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz