Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.05.2020 12:05
  • 1256

Төрткүлде ана өзиниң 13 жаслы баласын 15 мың АҚШ долларына сатпақшы болды

Төрткүлде ана өзиниң 13 жаслы баласын 15 мың АҚШ долларына сатпақшы болды
Усы жылдың 19-май күни пуқара М.П. Беруний районлық ИИБға арза менен мүрәжат етип, онда Төрткүл районында жасайтуғын Қундуз исимли ҳаял нызамға қайшы түрде өз перзентин сатпақшы болып жүргенлигин мәлим еткен. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.

Пуқара М.П.ның арзасы тийкарында сол күни саат 21:00 де Беруний районлық ИИБ хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районында жайласқан үлги жойбардағы турақ жайда ижарада жасап келген 38 жаслы Қундуз К. өзиниң ержетпеген екинши перзенти 13 жаслы Д.О.ны пуқара С.Э.ге 15 000 АҚШ долларына сатып атырған ўақытта усланған.
Төрткүлде ана өзиниң 13 жаслы баласын 15 мың АҚШ долларына сатпақшы болды
Ўақыя жүз берген орында химиялық түрде ислеў берилген 400 АҚШ доллары және қалған 14 600 АҚШ доллары муғдарындағы пуллар анықланып, айғақлы зат сыпатында орнатылған тәртипте алынған.

Жағдай бойынша Төрткүл районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен Қундуз К.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясының 3-бөлими «а» бәнти (адам саўдасы) тийкарында жынаят иси ашылған.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...