Telegram karinform

Сиясат

  • 28.05.2020 15:35
  • 2227

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды
Бүгин, 28-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Сессия күн тәртибине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 4-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымына сайлаў мәселеси көрип шығылды.

«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары етип депутатлар арасынан 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат Давлетов Атабек Ильхамович жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды

Мағлыўмат ушын, Атабек Давлетов 1972-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. 1995-жылы К.А.Тимирязев атындағы Москва аўыл хожалығы академиясы, 2004-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясын тамамлаған. Ол мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.

А.Давлетов бүгинги күнге шекем «Қарақалпақагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийети директоры болып ислеп келди.

Еслетип өтемиз, усы күнге шекем Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымында А.Ҳамраев ислеп келген еди. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 13-майдағы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынланған еди.

Сессия ҳаққында толық мағлыўматларды сайтымыз арқалы оқып барың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал