Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2020 13:04
  • 1362

Қоңырат районында «Қызыл китап»қа киргизилген жорға туўалақ қуслары кеңисликлерге қойып жиберилди

Қоңырат районында «Қызыл китап»қа киргизилген жорға туўалақ қуслары кеңисликлерге қойып жиберилди
Усы жылдың 28-май – 1-июнь күнлери аралығында «Қызыл китап»қа киргизилген жорға туўалақ қуслары Қоңырат районындағы кеңисликлерге қойып жиберилди. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети және «Falcon Hunting Solutions» компаниясы тәрепинен жоқ болып кетиў қәўпи астында турған 2040 бас жорға туўалақ қуслары район аймағындағы кеңисликлерге жиберилген.

Қоңырат районында «Қызыл китап»қа киргизилген жорға туўалақ қуслары кеңисликлерге қойып жиберилди
Бул қуслар Бирлескен Араб Әмирликлериниң «International fund for houbara conservation» орайында көбейтилген.

Мағлыўмат ушын, жорға туўалақлар 2009-жылы Өзбекстан Қызыл китабына сийрек гезлесетуғын түр сыпатында киргизилген. Олар Қызылқум шөллеринде жасайды. Олардың саны ҳәм жасаў майданы 1960-жыллардан баслап азая баслаған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте