Қазақстан Республикасының Алматы, Жамбыл, Қарағанда, Павлодар ҳәм Түркстан областьларында шегирткелердиң жаңа ошақлары анықланған. Бул ҳаққында мәмлекеттиң Аўыл хожалығы министрлиги хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, Жамбыл ҳәм Түркстан областьларындағы улыўма 150 мың гектарлық жерде Марокко шегирткелери, Алматы, Жамбыл, Қарағанда ҳәм Павлодар областьларының 93 мың гектарлық жеринде Италия-прус шегирткелери анықланған.
Мағлыўматларға қарағанда, быйылғы жылы Қазақстанның 800 мың гектар жеринде шегирткелер тарқалыў қәўпи бар екенлиги болжаў етилген.
Қазақстанда шегирткелерге қарсы гүресиў ушын 1,5 миллиард теңгеге шамалас қаржы ажыратылған.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Африка континентиниң айрым мәмлекетлери, соның менен бирге, Аўғанстан, Пакистан, Ҳиндстан ҳәм басқа да айрым Азия еллеринде шегирткелердиң саны көбейип, аўыл хожалығына айтарлықтай зыян келтирмекте.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz