Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.06.2020 16:34
  • 1198

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ескертеди!

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ескертеди!
ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, соңғы үш күнде Өзбекстан бойлап коронавирусқа шалынған 292 наўқастан 118 наўқас халық арасында дизимге алынған.

Тилекке қарсы, халық арасында кононавирус инфекциясының анықланыў жағдайлары еле даўам етпекте. Буған, ең алды менен, адамлардың арқайынлыққа берилип, карантин қағыйдаларына қатаң әмел етпей атырғаны себеп болмақта. Усы жағдайлардан мәлим болғанындай, қайсы категориядағы аймақ болыўына қарамастан әтирапыңызда коронавирус жуқтырып алыў қәўпи жоқары болып қалмақта.

Коронавирус инфекциясы елимиздиң қәлеген аймағында пайда болыўы, жынысы ҳәм миллетине қарамастан ҳәр қандай кәсиптеги пуқарада анықланыўы мүмкин. Бизиң аймақта кеселлик көрсеткиши төмен ямаса анықланбады, деп бир мәўритке болса да сергекликти жоғалтсаңыз, күтилмегенде коронавирусты жуқтырып алыўыңыз ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығын қәўип астында қалдырыўыңыз мүмкин. Ҳәр биримиз көшеге шығыў, байланысқа кирисиў арқалы наўқасланыў мүмкин екенлигин умытпаўымыз керек.

Тилекке қарсы, халық арасында усы сыяқлы усынысларға әмел етпей, бийпарқ қатнаста болып атырған пуқаралар да ушырасып турыпты. Ҳәзирги қәўетерли жағдайдан келип шыға отырып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, және бир мәрте, пуқараларымызды ескертеди: жағдай қурамаласып баратырғанын билип турсыз. Оны унамлы ямаса унамсыз тәрепке өзгертиў ҳәр биримиздиң ҳәрекетимизге байланыслы екенлигин умытпаң.

Соның ушын, зәрүрлик болмаса көшеге шықпаң, адамлар көп топланатуғын жәмийетлик орынларға барыўдан ўақытша тыйылып турың, социаллық аралықты сақлаң, қолларыңызды жақсылап қайта-қайта сабынлап жуўың, көшеге шыққанда нықап тағыўды ҳеш қашан естен шығармаң, улыўма алғанда, карантин ҳәм санитариялық қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиң.

Өзиңизде кеселлик белгилерин сезсеңиз дәрриў шыпакерге мүрәжат етиң!

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...