Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2020 16:08
  • 822

Ташкенттен Нөкис қаласына поезд қатнаўы қайта тикленди

Ташкенттен Нөкис қаласына поезд қатнаўы қайта тикленди
Пуқараларға қолайлықлар жаратып бериў мақсетинде республикадағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шыға отырып:

- «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылған аймақлар арасында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда төмендеги поездлердиң қатнаўы тиклениўине рухсат берилди:

Ташкент-Бухара-Ташкент;
Ташкент-Термиз-Ташкент;
Ташкент-Хийўа-Ташкент;
Ташкент-Нөкис-Ташкент;
Әндижан-Хийўа-Әндижан;
Әндижан-Бухара-Әндижан;
Әндижан-Термиз-Әндижан.

Бунда Транспорт министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги менен биргеликте аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, поездлардың қатнаў жобасын белгилеп береди.

Сондай-ақ, Ташкент-Самарқанд-Ташкент жөнелиси бойынша санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда «Афросиёб» поездларының қатнаўлары жолға қойылыўына рухсат берилди.

Жоқарыда атап өтилгенлер менен биргеликте, автотранспорт қуралында бир өзи ҳәрекетленип баратырған транспорт басқарыўшысына медициналық нықаптан пайдаланбаўға рухсат берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан