Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2020 16:19
  • 1237

Мәмлекетлик бақшалардың жумыс баслаўына қашаннан баслап рухсат берилетуғынлығы мәлим болды

Мәмлекетлик бақшалардың жумыс баслаўына қашаннан баслап рухсат берилетуғынлығы мәлим болды
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық:

- мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшыларын қабыл етиўге пуқта таярлаў, атап айтқанда, санитариялық-гигиеналық қағыйдалар ҳәм қәўипсизлик илажларын толық тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысларына усы жылдың 1-август күнинен баслап рухсат бериледи.

Бунда:

- мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имаратлары турақлы түрде дезинфекцияланады, оларға кирип-шығыў орынлары пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсеклер» менен тәмийинленеди;

- хызметкерлер медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаптан пайдаланады ҳәм социаллық аралықты сақлайды;

- дене температурасы 37˚С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкер ҳәм тәрбияланыўшылар шынығыўларға киргизилмейди.

Соның менен бирге, 2020-жыл 15-июньнан баслап «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларына рухсат берилген болып, бунда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде шынығыўларды 15 адамнан көп болмаған топарларда шөлкемлестириў ҳаққындағы шеклеў бийкар етилди.

Бунда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланыўшылар арасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўға бағдарланған карантин шеклеўлерине қатаң түрде әмел етилиўи бойынша жуўапкершилик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң администрациясы және тәрбияланыўшылардың ата-аналары ямаса олардың орнын басатуғын адамлардың жуўапкершилигине бирдей жүкленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...