Telegram karinform

Сиясат

  • 16.06.2020 16:04
  • 1754

Тақыятас районы ҳәкими тайынланды

Тақыятас районы ҳәкими тайынланды
16-июнь күни халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз жетинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген Маткаримов Илхом Исмаиловичтиң кандидатурасын усынды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда И.Маткаримов Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, И.Маткаримов өткен жыллар ишинде Беруний районы мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы, Беруний районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы прокуроры, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги басқарма баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министри, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.