Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2020 14:36
  • 1591

Нурсултан Назарбаев коронавирус пенен наўқасланды

Нурсултан Назарбаев коронавирус пенен наўқасланды
Қазақстанның биринши президенти Нурсултан Назарбаевта «COVID-19» инфекциясы анықланды, деп хабар берди оның баспасөз хаткери Айдос Үкибай.

«Тилекке қарсы, Елбасының соңғы тапсырған тести онда коронавирус бар екенлигин көрсетти. Қәўетерлениўге орын жоқ. Нурсултан Назарбаев аралықтан жумыс алып бармақта», - деп жазды Үкибай «Twitter» тармағында.

Буннан алдын Қазақстан парламенти спикери Нурлан Нигматулин ҳәм Денсаўлықты сақлаў министри Елжан Биртановлардың да коронавирусқа шалынғаны ҳаққында хабар берилген еди. Буннан соң бирнеше министрлер және бас министр Асқар Мамын изоляциялық тәртипке өтиўге қарар етти.

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда «COVID-19» бенен наўқасланғанлар саны 15,8 мың адамнан көбейген, наўқасланғанлардан 100 адам қайтыс болған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети