Бәршемизге мәлим, усы жылдың 18-июнь күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен “Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ сатыў механизмин жетилиситириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПФ-6010-санлы Пәрманынан қол қойылып, Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларының тийкарғы ўазыйпаларының бири болған, жоқарыда атап өтилген энергия ресурслары ушын төлемлерди қабыллаў ўәкилликлери Энергетика министрлигине өткерилди.
Усы Пәрманның қабыл етилиўи жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқараларымыз арасында кең додалаўларға себеп болмақта. Усы мүнәсибет пенен, Пәрман талапларын ҳалқымызға дурыс жеткерип бериў ҳәм түрли талқылаўлардың алдын алыў мақсетинде өз мүнәсибетимизди жеткериўди мақул көрдик, - деп жазады Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызмети.
Буның ушын жақын тарийхқа бир нәзер аўдарсақ.
2017-жыл 29-май күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў және тутыныў тараўында төлеў интизамын беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанында энергия ресурслары ушын төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўине, оларға нызамсыз жалғаныў ҳәм талан-тәраж етиў ҳалатларын анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыў, сондай-ақ, орынлаў жумысын түпкиликли жетилиситириўге жуўаплы болған Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилген еди.
Бул бағдарда Бюро органларына жүклетилген ўазыйпаларды атқарыў бойынша жумыслар системалы жолға қойылып, қысқа дәўир ишинде унамлы нәтийжелерге ерисилди ҳәм билдирилген исеним толық ақланды.
Усы мүнасибет пенен, кейин ала, Президентимиздиң арнаўлы Қарар ҳәм Пәрманлары менен Бюро уйымларына суў тәмийнаты ҳәм қатты турмыслық шығындыларды алып шығыў хызмети ушын төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық өндириў ўазыйпалары қосымша жүклетилди.
Усы жерде, айрықша атап өтиўимиз тийис, Бюро уйымлары шөлкемлестирилгениниң биринши күнинен баслап-ақ жәмийетшилигимиздиң дыққат-итибарында болып, хызметкерлеримиз тәрепинен тутыныўшылар, пуқараларымыздың төлеў интизамын ҳәм мәдениятын шөлкемлестириў аңсат кешпеди және бул ўазыйпаларды Бюроның ҳәр бир хызметкери жоқары дәрежеде әмелге асырды.
Өндирилген қарыздарлықларға қысқаша тоқтап өтетуғын болсақ, Республикамыз бойлап Бюро уйымлары тәрепинен 3 жыл даўамында ҳәзирги күнге шекем энергия ресурслары, ишимлик суўы ҳәм қатты турмыслық шығындылар бойынша 94,3 трлн. сум өндирилди (соннан электр энергиясы – 45,8 трлн., тәбийғый газ – 46,1 трлн., ишимлик суўынан – 1,9 трлн. ҳәм қатты турмыслық шығындылардан – 0,4 трлн сум).
Өткен дәўирде, энергия ресурслары ҳәм суў тәмийнатынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм талан-тәраж етиў менен байланыслы 1,2 трлн. сумлық зыян келтириў ҳалатлары анықланып, бул бойынша 1046 жынаят иси қозғатылды.
Және бир әҳмийетли мәселелердиң бири ҳәм алдын пуқараларымыздың ҳақлы наразылықларын келтирип шығарған мәселе, бул әлбетте, реаль болмаған, яғный пайдаланбаған энергия ресурслары ушын тутыныўшылардың мойнына тийкарсыз қарыздарлықты жүклеп қойыў бойынша да ҳәзирги күнге шекем 1 трлн. 344 млрд. сумлық реаль болмаған қарыздарлық бойынша 244 жынаят иси қозғатылды.
Мәмлекетимиз экономикасының баслы тәрмақларының бири болған энергия ресурслары тараўында төлеў интизамы анағурым дәрежеде беккемленип, жыллар даўамында топланып келген машқалалар ҳәм есап-санақ жумыслары өз шешимин тапты.
Буннан былай Бюро уйымларының энергия ресурслары бойынша ўазыйпалары жанармай-энергетика ресурслары менен турақлы тәмийнлеў бойынша мәмлекетлик сыясатты жүргизип атырған Энергетика министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Бир сөз бенен айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына жүкленген ўазыйпалар әмелде толық орынланды.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Мәжбүрий орынлаў бюросы ўәкиллигиндеги электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм қатты турмыслық шығындылар бойынша төлемлерди толық ҳәм өз ўақтында өндириў бойынша ўазыйпалар – Энергетика мнистрлигине усы жылдың 1-август күнинен баслап өткериледи, оған шекемги дәўирде Мәжбүрий орынлаў бюросы бул жөнелисте өз жумысларын даўам еттиреди.
Сол себепли, пуқараларымыздан Пәрман талапларын дурыс қабыллап, төлеў мәдениятына әмел етиўин сорап қаламыз.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz