Telegram karinform

Ҳуқық

  • 10.12.2024 14:35
  • 186

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

 

Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин жүз берген болса, базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма яки үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса еки жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

 

Басып шығарыў яки басқа усылда көбейтилген жағдайда, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында яки Интернет жәҳан информация тармағында жайластырыў арқалы жала жабыў – базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки еки жылдан үш жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары я бир жылға шекем азатлықты шеклеў менен жазаланады.

 

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда