Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2020 15:29
  • 915

Мәжбүрий орынлаў бюросының бир қатар ўәкилликлери қайсы мәкемелерге өткерилетуғыны мәлим болды

Мәжбүрий орынлаў бюросының бир қатар ўәкилликлери қайсы мәкемелерге өткерилетуғыны мәлим болды
Усы жылдың 18-июнь күни қабыл етилген «Тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын сатыў механизмин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманына муўапық, 2020-жылдың 1-август сәнесинен баслап Мәжбүрий орынлаў бюросының төмендеги ўәкиллери тийисли мәкемелерге өткериледи:

- электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тутыныўын қадағалаў және есапқа алыўдың заманагөй автоматластырылған системалары, сондай-ақ, альтернативалық энергия дәреклериниң енгизилиўи шөлкемлестириў ҳәм усы процесслер бойынша мониторинг өткериўге байланыслы ўазыйпа және ўәкилликлер – Энергетика министрлигине;

- электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлердиң өз ўақтында және толық өндирилиўин тәмийинлеў, тутыныўшылардың қарыздарлығын кемейтиў, сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ сатылыўы және тутынылыўын есапқа алыў бойынша ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери – «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖның аймақлық мәкемелерине;

- электр энергиясы ҳәм газ бөлистириў тармақларына нызамға қайшы түрде жалғаныў, талан-тараж етиў жағдайларын анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыўға байланыслы ўәкилликлер – «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖның аймақлық мәкемелери және тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына;

- электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди абайлап сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша тутыныўшылардың ҳуқықый мәдениятын және жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы ўазыйпа ҳәм ўәкилликлер – Энергетика министрлиги, «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖға;

- энергиялық ресурслар ушын есапласыўды тәмийинлеў системасын комплексли анализлеў, системалы машқалаларды анықлаў, жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўға байланыслы ўазыйпалар – Энергетика министрлигине.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте