Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.07.2020 13:00
  • 950

Ташкентте қарақалпақстанлы 62 жаслы ер адам коронавирустан қайтыс болды

Ташкентте қарақалпақстанлы 62 жаслы ер адам коронавирустан қайтыс болды
Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районында жасап келген Б.Я. 10-июнь күни Қазақстаннан келгенлиги себепли карантин орайына орналастырылған. 15-июньда уқсас кеселликлери себепли Яккасарой районлық емлеўханасына жатқарылған. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ хабар берди.

19-июнь күни онда коронавирус анықланған ҳәм Ташкент медициналық академиясының көп тармақлы клиникасы реанимациялық бөлимине өткерилген.

Оған жүрек ишемикалық кеселлиги, стенокардия, созылмалы жүрек, бөтеке, баўыр жетиспеўшилиги сыяқлы бирнеше кеселликлер бойынша диагноз қойылған.

Реанимациялық емлеў илажларына қарамастан наўқас өкпе ҳәм өткир дем жетиспеўшилигинен қайтыс болған.

Соның менен бирге, министрликтиң соңғы мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда халық арасындағы және 1 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,