Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.07.2020 14:40
  • 1538

Бүгиннен баслап қосымша карантин шеклеўлери енгизилмекте

Бүгиннен баслап қосымша карантин шеклеўлери енгизилмекте
Халық арасында коронавирус инфекциясының тарқалыў шынжырын үзиў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 13-июльдан 2020-жыл 1-августқа шекем республикалық көлемде қосымша түрде төмендеги карантин шеклеўлери енгизилди:

- шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонларының жумыслары тоқтатылады;
- жергиликли (ишки) авиарейслер ҳәм темир жол қатнаўы тоқтатылады;
- 65 жастан өткен адамларға «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризине қатаң әмел етиў және себепсиз үйден сыртқа шықпаў усыныс етилди.

Сондай-ақ, усы жылдың 18-19-июль және 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери толық сутка даўамында республикалық көлемде ҳәрекетлениў, автотранспорт қуралларының, соның ишинде, жөнелиссиз таксилердиң ҳәрекети толық тоқтатылады.

Бул шеклеў арнаўлы рухсатнамалар (стикер) тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына және Республикалық арнаўлы комиссияның усы жылдың 8-июльдағы қарары менен тастыйықланған автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайларға қолланылмайды.

Усы жылдың 18-19-июль және 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери төмендегилер усыныс етиледи:

- халыққа – «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризине қатаң әмел еткен ҳалда өз үйлеринен шықпаў;

- мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, хожалық бирлеспелери және басқа шөлкемлерге – хызметкерлерди жумысқа шақырмаў, жумысшылардың усы күнлери үйлеринде қалыўы ушын шараят жаратыў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...