Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2020 13:12
  • 1598

10-августтан баслап Нөкис қаласында айрым тараўлардың жумысларына рухсат бериледи

10-августтан баслап Нөкис қаласында айрым тараўлардың жумысларына рухсат бериледи
Нөкис қалалық саўда комплексиниң қала орайынан санитариялық-эпидемиологиялық жақтан қəўипсиз орында жайласқанлығын ҳəм объектте социаллық аралықты сақлаў мүмкиншилиги барлығын есапқа алып, əҳмийетлиси, халқымызға буннан былай да қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2020-жылдың 10-август сәнесинен баслап усы саўда комплексиниң жумысына карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда рухсат берилмекте.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының арнаўлы протоколы қабыл етилди, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети.

Протокол тийкарында, сондай-ақ, жолаўшы тасыўшы айрым транспорт түрлериниң жумысларына да рухсат берилмекте.

Бунда Нөкис қалалық саўда комплексине пуқаралардың келип-кетиўи ушын жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилердиң күн даўамында ҳәрекетлениўине төмендеги қағыйдалар тийкарында рухсат етиледи:

- автотранспорт салонындағы автотранспорт басқарыўшысы менен жолаўшылардың арасы пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы;

- автотранспорт басқарыўшысы өзинен тысқары артқы орынлықта тек 2 жолаўшыны тасыўы;

- басқарыўшы менен жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи);

- жолаўшылар автотранспорттың артқы орынлығында отырыўы шәрт.

Сондай-ақ, саўда комплексине халқымызды қəўипсиз түрде тасыў ушын санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда автобуслардың қатнаўын жолға қойыў жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...