Telegram karinform

Экономика

  • 08.09.2020 12:54
  • 1504

Қарақалпақстанда пахта жыйын-терими қашан басланатуғыны мәлим болды

Қарақалпақстанда пахта жыйын-терими қашан басланатуғыны мәлим болды
Қарақалпақстан Республикасында 2020-жыл пахта зүрәәти ушын 86 мың 291 гектар майданда ғаўаша тәрбияланып, 196 мың тонна пахта шийки затын жетистириў белгиленген. Пахтадан мол өним жетистириў ушын барлық шараятлар жаратылып, керекли материаллық ресурслар таярланған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.

Быйылғы коронавирус пандемиясы ҳәм суўдың тамтарыслығының қыйыншылықларына қарамастан дийқан ҳәм фермерлеримиз тәрепинен агротехникалық илажлардың өз мүддетлеринде өткерилиўи нәтийжесинде пахта майданларымызда мол өним топланды.

– Ендиги тийкарғы мақсетимиз – ажыратылған қаржылардан утымлы пайдаланып, жетистирилген өнимди қысқа мүддетлерде, жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жоқары сортларға тапсырыў илажларын көриў болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң қәнигеси Оралбай Қалханов.

Пахта жыйын-терим мапазына пуқта таярлық көриў мақсетинде Министрлер Кеңесиниң арнаўлы бийлиги қабыл етилди. Онда жыйын-теримди шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын тийисли минстрликлерге, шөлкемлер менен мәкемелерге, сондай-ақ, район ҳәкимликлерине анық ўазыйпалар белгиленген.

Жыйын-теримди шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын 1 мың 606 терим отрядлары шөлкемлестирилип, оларға 127 мың 800 ден аслам теримшилер бириктирилмекте. Соннан 50 мың 200 ден асламы пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм фермер хожалықларының жумысшылары болса, қалған 77 мың 600ден асламы жәмлеспеген пуқараларды қурайды.

Терим мапазында талап етилетуғын 219 млрд. 520 млн. сумлық терим қәрежетлериниң есап-китабы ислеп шығылды. Соннан 41 млрд. 824 млн. сумлық қаржылары пахта-тоқымашылық кластериниң өз есабынан ҳәм 177 млрд. 696 млн. сумлық қаржылары банк кредитлери есабынан қаржыландырылыўы бойынша есап-китаплар ислеп шығылды.

Бүгинги коронавирус пандемиясы дәўиринде пахта жыйын-терими мапазында қатнасатуғын теримшилердиң денсаўлығын сақлаўға айрықша итибар қаратылып, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда терим жумыслары шөлкемлестириледи.

Пахта майданларының жағдайынан келип шығып, 15-сентябрьден
15-октябрь күнлери аралығында жыйын-теримди өткериў бойынша терим графиклери ислеп шығылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен