
Казақстан президенти Нурсултан Назарбаев елин раўажланған еллердиң қатарына қосыў ушын қазақстанлылардың санасын өзгериў керек деп айтып өтти, деп хабар берди РИА Новости.
«Мен Қазақстанды дүньяның раўажланған еллериниң отызлығына киргизиўди алдыма мақсет етип қойдым. Егер халықтың санасы өзгермесе, оған жетиў мүмкин емес, деген Назарбаев.
Астанада Қазақстанның президенти «Қазақстанның жаңа 100 адамы» менен ушырасады. Ол апрель айында ҳәр түрли аймақлардан, түрли жастағы ҳәм түрли миллеттеги адамларды таңлап бул жобаны дүзиўди усыныс еткен еди. Назарбаев қазақстанлылар «Миллеттиң алтын фондын кимлер қурайтуғынлығын» билиў керек деп атап өтти.
Сахибжамал Есемуратова