Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.09.2020 11:25
  • 1384

Белгили хирург, уролог, профессор Нурлепес Өтегенов қайтыс болды

Белгили хирург, уролог, профессор Нурлепес Өтегенов қайтыс болды

Республикамызға белгили хирург, уролог, профессор Нурлепес Өтегенов усы жылдың 16-сентябрь күни 81 жасында қайтыс болды.

Н.Өтегенов Шоманай районындағы 2-санлы мектепте билим алды. Соңынан Ташкент қаласындағы Ахунбабаев атындағы медициналық училищени питкерди. Әскерий хызметтен соң Душанбе қаласындағы медициналық институтты ҳәм ординатураны питкерип, балалар хирургиясы қәнигелигин ийеледи. Кейин ала Ташкент қаласындағы 14-санлы балалар хирургиясы клиникасында көп жыллар даўамында табыслы мийнет етти.

Ол күнделикли жумысы менен бир қатарда илимий изертлеў жумысларын даўам еттирип, тараўда жақсы нәтийжелерге еристи ҳәм тәжирийбели уролог шыпакер болып жетисти.

Өз мийнет жолы даўамында 5 мыңға шамалас ең қурамалы операцияларды ислеп, халқымыздың алғысына бөленди. Жас шыпакерлерге устазлық етти. Илимий жумысларының нәтийжелери бойынша 6 авторлық гүўалыққа, 4 патентке ийе болды.

1980-жылы Ленинград қаласында «Балаларда калькулёзлы пиолонефриттиң клиникалық ҳәм патогенлик аспектлери» атамасындағы кандидатлық диссертациясын табыслы қорғады ҳәм республикада урологиялық орайдың ашылыўына үлес қосты. Тараў бойынша илимий мақалалары сырт еллердеги белгили медициналық журналларда жәрияланды.

Нурлепес Өтегенов 1994-1997-жылларда Үргениш қаласындағы Ташкент педиатриялық медицина институтының филиалында балалар хирургиясы кафедрасына басшылық етти. 1998-2003-жылларда Нөкистеги Ташкент педиатриялық медицина институтының филиалында ҳәм Ваҳидов атындағы хирургиялық орайда жумыс иследи.

Хирург алым Нурлепес Өтегенов өз тараўы бойынша бир неше көлемли илимий жумыслар ҳәм сабақлықлардың авторы болды.

2013-2018-жыллар аралығында ол Ташкент педиатриялық медицина институтының Нөкис филиалында балалар хирургиясы кафедрасын басқарды ҳәм усы жерден ҳүрметли дем алысқа шықты.

Республикамызға белгили хирург, уролог, профессор Нурлепес Өтегеновтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен марҳумның шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары, кәсиплеслери ҳәм барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,