Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.09.2020 17:22
  • 952

Тахтакөпирде пуқараның 8 миллион сумнан зыят пуллары урланды

Тахтакөпирде пуқараның 8 миллион сумнан зыят пуллары урланды
Усы жылдың 14-сентябрь күни саат 12:00 де намәлим адам Тахтакөпир районы Жипек жолы көшесинде жасайтуғын 52 жаслы Б.А.ның жасайтуғын үйине нызамға қайшы түрде кирип, дем алыў бөлмесинде жайласқан сейфтиң ишинен улыўма 8 600 000 сум пулларын жасырын түрде урлап, ўақыя орнынан жасырынған. Бул ҳаққында Тергеў департаменти хабар берди.

Жүз берген жағдай бойынша Қараөзек районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнти (урлық) тийкарында жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылған.

Алып барылған тергеў-оперативлик излеў ҳәрекетлери нәтийжесинде бул жынаятты ержетпеген 16 жаслы А.Қ. әмелге асырғаны анықланған ҳәм жынаят исинде гүманланыўшы сыпатында исте қатнасыўға шақырылған.

Дәслепки тергеў процесинде А.Қ.дан 2 300 000 сум пуллар айғақлы дәлил сыпатында рәсмийлестирилип алынған.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий