
2017-жыл 20-21 ноябрь күнлери Ташкент қаласында «Өзбекистан қусларын қорғаў жәмийетиниң 10 жыллығы ҳәм профессор Даниил Юрьевич Кашкаровтың 80 жыллығы»на бағышланған «Өзбекистан қусларын қорғаў мәселелери» атамасында Республикалық Конференция болып өтти. Онда Өзбекистан Республикасының көпшилик ўәлаятларынан жәми 70 тен аслам адамлар қатнасты, деп хабар берди университеттиң рәсмий сайты.

Конференцияға Қарақалпақ мәмлекетлик университети экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы баслығы Якуб Аметов, усы кафедра ассистенти Гулара Матекова, биология кафедрасы оқытыўшысы Исламбек Арепбаев ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәбияттаныў факультети жанындағы «Otus» - талабалар орнитологиялық клубының ағзалары, экология тәлим бағдарының студентлери – Гулзада Маматова, Сайёра Жумашева, ҳәм магистрант Қуралбай Турдыбаев, сондай-ақ, биология кафедрасы доценти, биология илимлери докторы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Жуманов өз баянатлары менен қатнасты, деп хабар берди экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы баслығы Якуб Аметов.

Конференция жуўмағында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы «Otus» - талабалар орнитологиялық клубы Өзбекистан клублары арасында «2017-жылдың ең жақсы клубы» таңлаўының «Ең белсенди ҳәм шөлкемлесиўши клубы» номинациясы бойынша жеңимпазы деп жәрияланды.

