Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.09.2020 16:05
  • 1586

Президент оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжат етпекте

Президент оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжат етпекте
Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине арналған салтанатлы илаж басланды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Илажда Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Атап өтиў орынлы, бул байрам биринши мәрте мәмлекетимиз басшысы қатнасыўында өткерилмекте. Бул – билимлендириў ҳәм тәрбия мәселеси айрықша баслы бағдар дәрежесине көтерилгениниң айқын дәлили.
Президент оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжат етпекте
- Биз ҳәр биримиз өмирде қандай табыс ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, бул табысларда сизлердиң үлкен үлесиңиз бар екенлигин бәрқулла миннетдаршылық пенен атап өтемиз, - деди Шавкат Мирзиёев илажға жыйналған оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжатын баслаў ўақтында.

Ҳақыйқатында да, инсан тәрбиясында, оның кәмилликке жетиўинде устазлардың хызметлери уллы. Быйылғы пандемия менен байланыслы қыйын шараятта жанкүйер оқытыўшылар өз жумысларын даўам еттирмекте. Көпшилик мектеплерде жаңа оқыў жылы басланды. «Онлайн мектеп» жойбары ҳәм аралықтан оқытыў жолға қойылды. Атап өтиў орынлы болса, барлық муғаллимлер еки фронтта гүрес алып бармақта.
Президент оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжат етпекте
Және бир итибарлы тәрепи, быйылғы қутлықлаў алдынғы жыллардағыдан парқланып, мүрәжат тәризинде болмақта.

Президент тарийхқа нәзер таслап, IX-XII әсирлерде елимиз аймағында биринши, XV әсирде екинши Ренессанс болғанлығын атап өтти.

- Көпшилик зыялылар қатарында мен де бир пикирди бәрқулла үлкен әрман менен ойлайман: елимизде үшинши Ренессансты ХХ әсирде ағартыўшы жәдид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Олар «Илимнен басқа туўры жол жоқ ҳәм болыўы мүмкин емес», деген ҳәдисти турмыслық исеним деп билди, - деп атап өтти Президент.

Муғаллим ҳәм устазлар байрамы мүнәсибети менен қол қойылған пәрманға муўапық, халқымыздың азатлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидәкерлик көрсетип, миллий билимлендириў ҳәм тәрбия системасын жаратыўға үлкен үлес қосқан Абдулла Авлоний, Маҳмудхўжа Беҳбудий ҳәм Мунавварқори Абдурашидхонов «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланғаны мәлим етилди.
Президент оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжат етпекте
Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў тийкарғы мақсет етип белгиленгенлигин атап өтти.

- Уллы ата-бабаларымыздың бийтәкирар ҳәм уллы илимий-ағартыўшылық мийрасы бизлер ушын бәрқулла ҳәрекеттеги турмыслық бағдарламаға айналыўы керек, - деди Президент. – Бул өлмес мийрас ҳәмийше қасымызда болып, бизге бәрқулла күш-қуўат ҳәм илҳәм бағышлаўы керек. Ең дәслеп, миллий билимлендириў системасын усындай руўх пенен суўғарыўымыз керек.

Байрам илажында муғаллим ҳәм устазлар, илимпазлар, парламент ҳәм ҳүкимет ўәкиллери қатнаспақта. Сондай-ақ, аймақлардағы тараў пидайылары илажды Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардағы студиялардан бақлап бармақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...