7-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Украина мәмлекетиниң мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Николай Дорошенконы қабыллады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Қабыллаўда Украина ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы экономикалық, мәдений қатнасықларды және де раўажландырыў, санаат, аўыл хожалығы, әсиресе, мал шарўашылығы, туризм, билимлендириў, кадрлар таярлаў ҳәм олардың билимин жетилистириў, медицина, фармацевтика тараўлары бойынша бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Өз гезегинде елши Н.Дорошенко Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камаловқа қызғын күтип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Сондай-ақ, қабыллаўда Өзбекстан ҳәм Украина арасындағы қатнасықларды және де беккемлеў, мәмлекетлердиң регионлары арасында саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, IT технологиясы бойынша кадрларды таярлаў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, шарўашылық ҳәм басқа да тараўлар бойынша биргеликте әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли мәселелер туўралы пикир алысты.
– Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет – Өзбекстан ҳәм Украина арасындағы экономикалық ҳәм мәдений қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў,-дейди елши Н.Дорошенко. – Мәселен, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи менен Украинадағы музейлер ҳәм басқа да тараўлар арасында беккем байланыс орнатыў, сондай-ақ, мәдений илажлар өткериў арқалы халықларымыз арасындағы дослықты беккемлеў болып есапланады. Буннан басқа республиканың экономикалық, инвестициялық ҳәм туристлик потенциалы менен жақыннан танысып, кең түрде бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат.
Соң делегация ағзалары ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық потенциалы туўралы презентация өткерилди.
Сапар даўамында мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейин тамашалады. И.В.Савицкийдиң қәбирин зыяратлап, гүллер қойды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz