Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2020 16:02
  • 763

«Uzbekistan Airways» айрым шеклеўлерди енгизбекте

«Uzbekistan Airways» айрым шеклеўлерди енгизбекте
«Uzbekistan Airways» социаллық аралыққа әмел етиў, орынларға жайласыў ўақтын қысқартыў, сондай-ақ, жолаўшылар ҳәм экипаж ағзалары арасындағы артықша қарым-қатнасты шеклеў мақсетинде қол жүклерин тасыў бойынша шеклеўлерди енгизбекте. Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети хабар берди.

Буннан былай самолёт салонына тек ғана ушыў ўақтында зәрүр болатуғын ҳаял-қызлар сумкасы, портфель, ноутбук, балалардың затлары салынған сумканы алып кириў мүмкин. Басқа затлар болса рейске дизимнен өтип атырған ўақытта багажға тапсырылыўы керек.

«Пайдаланылмайтуғын қол жүги бийпул тасыў мүмкин болған багажға қосылады. Яғный белгиленген 8 килограмм қол жүгинен тек ғана 2 килограммды салонға алып кириў мүмкин. Қалған 6 килограмм болса багаж ушын рухсат берилген жүк муғдарына бийпул қосылады», - деп қосымша етилген хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

    Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды. Ташкент -–

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң дәслепки саммити Самарқандта өткериледи

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң дәслепки саммити Самарқандта өткериледи

    Усы жылдың 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи. Онда Өзбекстан, Туркия, Әзербайжан,