Telegram karinform

Сиясат

  • 08.11.2022 18:00
  • 534

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң дәслепки саммити Самарқандта өткериледи

 

Усы жылдың 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи. Онда Өзбекстан, Туркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан президентлери, Венгрия Бас министри ҳәм Түркменстан Халық мәсләҳәти баслығы қатнасады.

 

Саммит даўамында Самарқандтағы барлық жоқары оқыў орынларында тастыйықланған оқыў кестесине муўапық, сабақ процеси әдеттегидей даўам еттириледи. Дем алыс күнлери берилмейди.

 

8-12-ноябрь күнлери Самарқанд халықаралық аэропортынан жобаластырылған рейслер Наўайы аэропорты арқалы әмелге асырылады.

 

✅ Хабар берилиўинше, «Uzbekistan Airways» АЖниң Самарқанд халықаралық аэропорты арқалы 8-ноябрь саат 00:01ден 12-ноябрь саат 00:01ге шекем жобаластырылған:

 

➖ HY045/046 Ташкент – Самарқанд – Ташкент;

➖ HY9605/9606 Самарқанд – Москва – Самарқанд;

➖ HY639 Самарқанд – Санкт-Петербург;

➖ HY639/640 Самарқанд – Санкт-Петербург – Самарқанд,

➖ HY275/276 Самарқанд – Стамбул – Самарқанд авиқатнаўлары жетип келиў ҳәм жөнеп кетиўи Наўайы халықаралық аэропортынан әмелге асырылады.

 

❌ Сондай-ақ:

➖ HY049/050 Әндижан – Самарқанд – Әндижан;

➖ HY047/048 Самарқанд – Наманган – Самарқанд;

➖ HY072/071 Фeрғaна – Самарқанд – Фeрғaна авиақатнаўлары бийкар етиледи.

 

Жолаўшылар бийкарланған рейслер авиабилетлериниң толық муғдарын билет сатып алынған орында қайтарып алыўы ямаса басқа сәнелерге бийпул көшириўи мүмкин.

 

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде