Telegram karinform

Сиясат

  • 09.10.2020 13:42
  • 1343

Қарақалпақстаннан Олий Мажлиске еки сенатор сайланды

Қарақалпақстаннан Олий Мажлиске еки сенатор сайланды
Алдын хабар берилгениндей, бүгин Нөкис қаласында Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў болып өтти. Сайлаўда ҳәр бир депутат жабық даўыс бериў жолы менен даўыс бериўи шөлкемлестирилди.

ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанларға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.

Даўыс бериў нәтийжелери бойынша көрсетилген талабанлар – 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамы шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жалменов ҳәм 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

    Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт