Telegram karinform

Экономика

  • 12.10.2020 11:54
  • 1078

Нөкис қаласында экобазар шөлкемлестириледи

Нөкис қаласында экобазар шөлкемлестириледи
Нөкис қаласында қолайлықлары ҳәм имканиятлары бойынша саўда орайларынан қалыспайтуғын жаңа форматтағы базар – экобазар шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында пайтахтымыздағы инвестициялық жойбарлар ҳаққында хабар бериўши «Нукус 24» каналы хабар берди.

Экобазар пайтахтымыз турғынлары ушын таза ҳәм тәбийғый аўыл хожалығы өнимлерин қолайлы және арзан баҳаларда сатып алыў имканиятларын арттырады.

Модернизацияланған бундай базардың қолайлы тәреплери:

- Өнимлерди тиккелей жетистириўши – фермер хожалықларының өзинен сатып алыў мүмкиншилиги;

- Палыз өнимлери, мийўе, гөш, нан өнимлери, ишимликлер ҳәм барлық гастрономиялық талапларды бир жерден питкериў имканияты;

- Ҳәр бир қарыйдар онлаған сатыўшылар арасынан өзине керекли болған өнимди қолайлы баҳаларда таўып алыў мүмкиншилиги;

- Базарда кең саўда залы болып, кондиционерлер менен тәмийинленеди, жылытыў системалары, ықшам ҳәм таза витриналар, кеўилли атмосфера, азық-аўқат өнимлерин тасыў ушын тиркемелер болады.

Базардың шөлкемлестирилиўи қала турғынларының жасаў жағдайларын жақсылап, жоқары сападағы өнимлерди сатып алыўына имканият жаратады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа