Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.10.2020 16:11
  • 1082

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди
Соңғы ўақытлары ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан газ ҳәм электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў, жылытыў үскенелериниң морыларын және бир мәрте көзден өткерип, жасалма ысытыў үскенелеринен пайдаланбаўды, үйлерде балалар ҳәм жас өспиримлерди жалғыз таслап кетпеў ҳәм от пенен ойнаўына жол қоймаўды сорайды.

Пуқаралар төмендеги өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўи тийис:

- Жылытыў үскенелерин қараўсыз қалдырмаў ҳәм ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаў;

- Газ үскенелеринен дурыс пайдаланыў ҳәм газ ийисин сезгенде электр үскенелерин қоспаў, шырпы жақпаў, егер газ ийиси сезилсе тезлик пенен авариялық газ хызметиниң 104 қысқа номерине хабар бериў;

- Бөлмелерди қыздырыў ушын ҳәр қыйлы жасалма түрде исленген газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланбаў;

- Газ үскенелерин резиналы, насаз шлангалар менен жалғамаў ҳәм газ сорыўшы насозлардан пайдаланбаў;

- Электр ток сымларының монтажы қәўипсизлик қағыйдаларына сәйкес ҳалда исленгенлигине итибар бериў.

Көрсетип өтилген өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлылық пенен қарасаңыз ҳәм әмел етсеңиз бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алып, шаңарағыңыз аманлығын тәмийинлеген, хожалықларыңыздағы қаншадан-қанша маңлай териңиз, ҳадал мийнетиңиздиң жемиси болған мүлклериңизди өрт бәлесинен сақлаған боласыз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда