Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.10.2020 15:16
  • 806

Атажан Ҳамраевтың министрлик лаўазымынан кетиў себеплери мәлим етилди

Атажан Ҳамраевтың министрлик лаўазымынан кетиў себеплери мәлим етилди
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети Атажан Каримович Ҳамраевтың лаўазымынан кетиў себеплери бойынша төмендегилерди мәлим етип билдирди.

«Бириншиден, А.Ҳамраевта ҚР Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына усы жылдың май айында тайынланыў ўақтында қәлеў болмаған. Ол жумысларын илимий-педагогикалық бағдарда даўам еттириўди қәлеген. Бирақ, сол ўақыттағы марҳум Жоқарғы Кеңес Баслығы коронавирус пандемиясы себепли жағдай аўыр ҳәм келешекте де аўыр түс алыўы мүмкин екенлигин айтып, бул лаўазымда ислеўи туўралы қатаң тапсырма бергенинен кейин, министр болып тайынланыўына разылық билдирген.

Екиншиден, бул лаўазымда ислеп турған ўақтында саламатлығында үлкен машқала пайда болды. Мойын омыртқалары дискоген грыжасы, нерв корешогы компрессиясы себепли узақ емлениўине туўра келди. Буннан кейин де кеселлик белгилери толық өтип кетпеди. Отырғанында, әсиресе, автомашинада ҳәрекетленгенинде аўырыў күшейип, жумыс ислеўине кесент бериўде даўам етти. Сол ўақытта бул кеселлик узақ ўақыт емлениўди талап ететуғынын аңлаған ҳалда ўазыйпасынан босаў нийети болған.

Бирақ, коронавирус пандемиясының халық арасында және ҳәўиж алыўы, дерлик июль-август айларындағы дәрежеге жетиўи себепли министрликтеги кәсиплеслерине аз да болса жәрдем бериў нийетинде кеселликтен толық тәўир болмаса да жумысқа қайтты ҳәм имканият дәрежесинде коронавирус инфекциясына шатылған наўқасларға медициналық жәрдемди шөлкемлестириўге киристи.

Исленген илажлардың нәтийжесинде ҳәм эпидемиологиялық процесстиң тәбийғый цикллық өтиў нызамлықлары себепли октябрь айы басынан кеселлениў жағдайлары азая баслады. Бүгинге келип Қарақалпақстан Республикасының көпшилик аймақларында кеселлениў сезилерли дәрежеде азайыўына ерисилди.

Атажан Ҳамраев ҳәммемиз келешекте коронавирус инфекциясының ең жаман сценарийлерине таяр турыўымызды ескертип, гүллан халқымызға беккем денсаўлық тилейди. Қарақалпақстан Республикасы басшыларына ҳәм ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигине өзиниң жағдайын дурыс түсинген ҳалда жумыстан кетиўине разылық бергени ушын миннетдаршылық билдиреди», - деп жазылған министрликтиң рәсмий билдириўинде.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.