Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.11.2020 16:32
  • 897

Жәҳән банки Арал теңизи қурыўының баслы себебин мәлим етти

Жәҳән банки Арал теңизи қурыўының баслы себебин мәлим етти
Жәҳән банкиниң мағлыўматларына қарағанда, 1960-жылларда Арал теңизи үлкенлиги бойынша дүньядағы төртинши көл болған.

«Бирақ, дерлик 30 жыл даўамында суў ресурсларынан ҳәр қыйлы егинлер, соның ишинде, пахта ҳәм гүриш жетистириў ушын пайдаланылғаны нәтийжесинде ол дерлик пүткиллей жоқ болып кетти. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиясы ҳәм экономикасы ушын аўыр ақыбетлерге алып келди, сондай-ақ, бул аймақта жасайтуғын миллионлаған адамлардың турмыс абаданлығы және денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетти», - деп жазылған хабарда.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан ҳәм Қазақстан шөллениў ҳәм жерлердиң деградациясынан зыян көрмекте. Арал апатшылығының ақыбетлери усы мәмлекетлерде аўыл хожалығы өсимликлериниң зүрәәтлилигине, шарўашылық ҳәм халықтың жасаў дәрежесине унамсыз тәсир өткермекте. Алдынғы теңиз түбиниң 5,5 млн гектарлық майданында жүзеге келген ҳәм ҳәр еки мәмлекет аймағын өз ишине алған Аралқум шөли бул процессти сезилерли дәрежеде жеделлестирди.

Жәҳән банки, Глобаллық ландшафт форумы (GLF), Қазақстан-Германия университети (DKU) ҳәм Plug and Play (P&P) шөлкемлери тәрепинен алымлар ҳәм қәнигелер арасында халықаралық таңлаў жәрияланып, арзалар қабылланбақта.

Таңлаў Орайлық Азия суў-энергетикалық бағдарламасы (CAWEP) тәрепинен қоллап-қуўатланады ҳәм Жәҳән банкиниң Орайлық Азияда турақлы ландшафт бағдарламасы «RESILAND CA+»ны әмелге асырыўға үлес қосады.

Таңлаў Арал теңизи регионындағы жергиликли экосистемаларға унамсыз тәсирин жумсартыў ушын пайдаланылатуғын алдынғы инновациялық шешимлерди бағдарлаўға жәрдем береди, деп есапламақта. Сондай-ақ, таңлаў регион жерлерин турақлы экономикалық раўажландырыў ушын зәрүр болған шешимлерге итибар қаратады.

Орайлық Азия трансшегаралық дәрьялары төменги ағымындағы мәмлекетлердиң ири ГРЭСлер қурыўы Арал теңизи ҳәм регионның экологиясына тийкарғы қәўип екенлигин бир неше мәрте атап өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған