Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.11.2020 15:50
  • 939

Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим

1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық факультетлеринде байрам илажлары өткерилмекте.
Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим
Институттың киши мәжилислер залында «Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим» атамасындағы республикалық конференция ҳәм байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Тил – миллет символы, тил бар екен миллет те жасайды, тил менен бирге өмир сүреди. Ҳәр бир миллет келешек әўладлар тәрбиясын ана тилинде алып барады. Өйткени, ана тилинде тәрбияланған әўлад ана ўатанына садық перзент болып, оның раўажланыўына хызмет етеди. Ана тилин ҳүрмет етиў, оны миллий мақтаныш ҳәм қәдирият деп билиў менен бирге, оның тарийхын, әдебий тилдиң нормаларын билиў және қоллана алыў – ҳәр бир перзенттиң әдиўли миннети болып табылады.

Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи де үлкен тарийхый ўақыя болып, ҳәзирги ўақытта елимиздиң тийкарғы байрамларының бири сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте. Бурынғы Аўқамның ҳүким сүрип турған ўақтында сол ўақыттағы жәмийетлик белсендилер, илимпазлар ҳәм әлбетте, халқымыздың бир мақсет жолында бирлесиўи – ана тилимиздиң Мәмлекетлик тил бийлигин алыўына тийкар жаратты. Бул тарийхый ўақыя мәмлекетимиздиң өз ғәрезсизлигин қолға киргизиўи жолындағы ең дәслепки ҳәм үлкен қәдемлериниң бири болды.
Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим
Илажда филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощанов, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент А.Пазылов, филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев, қарақалпақ тили кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты Е.Алланазаров ҳәм басқалар ана тилимизди буннан былай да терең изертлеў ҳәм раўажландырыў, қарақалпақ тилинен пайдаланыўдағы бүгинги күнниң машқалалары ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында баянатлар жасады.

Конференцияда Қарақалпақстандағы ҳәр бир жоқары оқыў орнында олардың қәнигелесиўине қарамастан қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедраларын шөлкемлестириў, ҳәр бир мәкемеде мәмлекетлик тилден дурыс пайдаланыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириў, қарақалпақ тилиндеги рекламалық материалларды көбейтиў, соның менен бирге, қарақалпақ тилин оқытыўда заманагөй усыллардан пайдаланған ҳалда келешек әўладлардың қарақалпақ тили бойынша сөйлеў мәдениятын арттырыў усыныслары билдирилди.
Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим
Институт студентлери арасында сәне мүнәсибети менен өткерилген «Тил – миллеттиң руўхый ғәзийнеси» атамасындағы шығармалар таңлаўы ҳәм «Ана тилим сен басқадан айырмам» атамасындағы аудио ҳәм видеороликлер таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды.

Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы О.Бозоров онлайн тәризде қатнасты.
Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим
Илаж соңында институттың талантлы жасларының атқарыўындағы байрам концерт бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

«КЕЎИЛ ҚУСЫМ» УШЫП… ямаса Улмамбет шайырға хатлар

«КЕЎИЛ ҚУСЫМ» УШЫП… ямаса Улмамбет шайырға хатлар

Кеўил қусым ушып кетти изинен,Услай алмай қалдым усы сапары.Ж.Өтениязов1.«Улмамбет аға! Жумыстан келсем, ақлықларыңыз Айзада менен Шахзада...

ТИЛ – МИЛЛЕТТИҢ МӘНАЎИЙ ҒӘЗИЙНЕСИ, ҚӘДИРИЯТЛАР НЕГИЗИ

ТИЛ – МИЛЛЕТТИҢ МӘНАЎИЙ ҒӘЗИЙНЕСИ, ҚӘДИРИЯТЛАР НЕГИЗИ

Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз бир жыллығына бағышланадыДүнья жаралғанлы бери инсаният бүгинги күнге шекем...

Көзим көрмеген көреген шайыр

Көзим көрмеген көреген шайыр

Қарақалпақта май айы келсе үлкен той. Бул айда әдебиятымыздың қос байтереги И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлар туўылған. Май...