Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 11:48
  • 980

Мойнақта экология инспекторы рейд ўақтында қайтыс болды

Мойнақта экология инспекторы рейд ўақтында қайтыс болды
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Мойнақ районлық экология инспекторы Шамил Төрежановтың қайтыс болғанын мәлим етти. Анықланыўынша, инспектор рейд ўақтында автоавария себепли қайтыс болған, деп жазбақта ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов.

«Ел хызметинде» газетасының мәлим етиўинше, Арал теңизиниң қурыған ултанында браконьерлер жүргенинен хабар тапқан Мойнақ районлық экологиялық инспекциясы баслығы Т.Тилеўмуратов, инспекторлар Ш.Төрежанов, А.Мәмбетназаровлар автомашинада жолға атланған. Жолда транспорттың баллонына зыян жетип, жолдан шығып кеткен ҳәм автоаварияға ушыраған. Ҳәдийсе жүз берген орында инспектор Ш.Төрежанов аўыр жарақатланып, аўҳалы қыйынласқан, көп узамай қайтыс болған. Адамлар жасайтуғын жерлерден узақ болғаны ушын оларға тез жәрдем келе алмаған. Хабар бериўдиң де илажы болмаған, себеби мобиль байланыс бул жерлерде ислемейди. Ең жақын адам жасайтуғын жердиң өзи 45 километр узақлықта еди.

Бахытсыз ҳәдийсе ҳаққында айтып берген Т.Тилеўмуратовтың мәлим етиўинше, ол ўақытты созып отырмай Арал теңизиниң жағасында артемия жыйнаў менен шуғылланатуғынларды жәрдемге шақырыў ушын пияда кеткен. Және бир шериги бахытсыз ҳәдийсе болған жерде қалған.

Т.Тилеўмуратов қақаман суўықта 45 километр жол жүрип, түнниң ярымында зорға теңиз жағасындағы лагерьге жеткен. Бирақ, артемияшыларда тек ғана батпақлықта жүре алатуғын транспорттан басқасы жоқ екен. Түнниң ярымында жүре алмайтуғынын мәлим еткен. Усы жерден телефон арқалы Мойнаққа хабар берген.

Ҳәзирги ўақытта ўақыя бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта, деп жазылған хабарда.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...