Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 13:36
  • 1075

Екинши ҳаялға үйлениўге рухсат берилгени ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди

Екинши ҳаялға үйлениўге рухсат берилгени ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди
Өзбекстанда екинши ҳаялға үйлениўге рәсмий түрде рухсат берилгени ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди, деп жазбақта «AntiFake.uz» телеграм каналы. Бул ҳаққында «Дарё» жазбақта.

Мәлим етилиўинше, социаллық тармақлар ҳәм Телеграм каналларында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 17-ноябрьдеги ПҚ-3535-санлы қарарына муўапық, мәмлекетте екинши ҳаялға үйлениўге рухсат берилгени ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта. Бул хабарлар өтирик ҳәм ҳақыйқатқа сәйкес келмейтуғынлығы мәлим етилди.

Хабарда халық арасында жалған мәлимлеме тарқатыў ушын жуўапкершилик бар екенлиги еслетип өтилген.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 126-статьясына муўапық, көп ҳаяллы болыў, яғный улыўмалық турмыс тийкарында еки ямаса оннан аслам ҳаял менен ерли-зайыплы болып жасаў – базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекемги тәртип түзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекемги еркинлигин шеклеў яки болмаса үш жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады.

Сондай-ақ, Шаңарақ кодексиниң 16-статьясына муўапық, неке дүзиўде некелениўшилердиң биреўи басқа некеде болған жағдайда, рухсат етилмейтуғынлығы көрсетип өтилген.

Еслетип өтемиз, усы мазмундағы хабарлар усы жылдың май айында да тарқатылған ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығы мәлим етилген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда