Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 15:35
  • 717

Қарақалпақстанлы журналист «Экология темасындағы ең жақсы мақалалар» таңлаўында Өзбекстан көлеминде 2-орынды ийеледи

Қарақалпақстанлы журналист «Экология темасындағы ең жақсы мақалалар» таңлаўында Өзбекстан көлеминде 2-орынды ийеледи
Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы менен биргеликте «Экология темасына байланыслы ең жақсы мақалалар» таңлаўын жәриялаған еди.

«Янги Ўзбекистон» газетасының хабар бериўинше, ӨзАның Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Есимқан Қанаатов усы таңлаўда 2-орынды ийеледи ҳәм планшет пенен сыйлықланды.

Таңлаўға 2019-жылдың 31-августынан 2020-жылдың 30-ноябрине шекемги газета ҳәм журналларда басып шығарылған, ҒХҚ сыпатында тийисли тәртипте дизимге алынған интернет сайтларында жәрияланған материаллар 2020-жылдың 20-ноябрине шекем қабыл етилди ҳәм тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен көрип шығылып, жеңимпазлар анықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда