Telegram karinform

Сиясат

  • 09.12.2020 15:53
  • 1328

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов Брис Рокфейди қабыллады

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов Брис Рокфейди қабыллады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 9-декабрь күни Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфейди қабыл етти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында турмысқа избе-излик пенен енгизилип атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды ҳəмде Өзбекстан ҳәм Франция мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, социаллық ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтти.

Өз гезегинде Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфей жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Қарақалпақстанда соңғы жылларда социаллық-экономикалық тараўларын жәнеде раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.

Мағлыўмат ушын, Францияның Өзбекстан Республикасындағы елшиханасының ўақтынша исенимли ўәкили Брис Рокфей Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң регионаллық ўәкилханасының халықаралық экспертлери делегациясы менен бирге келди. Сапар даўамында Брис Рокфей Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Нөкис қаласы ҳәкимлигинде ушырасыўлар өткериўи ҳәм И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи менен танысыў белгиленген. Халықаралық экспертлер делегациясы 8-19-декабрь күнлери Өзбекстанда ҳаяллар ҳәм балалар раки кеселлиги бойынша скрининг бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, медициналық мәкемелер, скрининг лабораториялар ҳәм емлеўханалар менен танысыўы режелестирилген.

М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы