«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
– Бул платформа 1982-1992-жыллары аралығында китап болып басылып шыққан «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң төрт томлығы тийкарында ислеп шығылды. Бул бағдарламаға көп томлықтағы сөзлер өзгериссиз киргизиледи. Сонлықтан, бунда ғәрезсизликке шекемги дәўирге тийисли көплеген сөзлер де ушырасыўы мүмкин. Бирақ, халқымыз бул сөзлердиң де мәнисин билиўи керек деп ойлаймыз. Себеби, бул тарийх. Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилшилери тәрепинен «Түсиндирме сөзлик»тиң толықтырылған жаңа жети томлығы ислеп шығылмақта. Бул көп томлықтың жаңа варианты баспадан шыққаннан кейин ондағы сөзлер де басқышпа-басқыш бизиң платформамызға киргизилип барылады. Әлбетте, бул платформада айырым кемшиликлер болыўы мүмкин. Буны алдағы ўақытларда басқышпа-басқыш дүзетип барамыз, – дейди жойбар менеджери Азизбек Дабылов.
Платформа «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар ҳәм «KARSOFT-IT-SOLUTIONS» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылды.
Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды.
Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 16-июль күнги «Қарақалпақ тилин және де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 410-санлы Қарары менен шөлкемлестирилген Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондының Режесинде қарақалпақ тилин раўажландырыўға байланыслы медиа өнимлерин, компьютер, мобиль бағдарламаларды ҳәм басқа да электрон материалларды таярлаў жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.