Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 17:01
  • 1835

«БҮКИРДИ ГӨР ДҮЗЕЙДИ». Кеңесбай Реймов Сағынбай Оразымбетовтың мақалаларына жуўап қайтарды

«БҮКИРДИ ГӨР ДҮЗЕЙДИ». Кеңесбай Реймов Сағынбай Оразымбетовтың мақалаларына жуўап қайтарды
Makan.uz сайтында жәрияланған «Қарақалпақ баспасөзи қартайып, ҳасасына сүйенип қалды ма? Ямаса ҳүкиметлик басылымлардың бүгинги аянышлы аўҳалы туўралы ашшы ҳақыйқатлық» атлы С.Оразымбетовтың мақаласында қойылған мәселелер бир тәреплеме жазылған. Автордың өзин периште қылып көрсетип, баспасөзге «жаны ашығаны» менен тийкарғы мақсет тырнақ астынан кир излеў бар болып, кек сақлап, К.Реймовтан өш алғысы келгени көринип тур.

Бүгинги баспасөздеги машқалалар оның ойынша «басылым басшылары әлле қашан пенсия жасынан өтип, ғаррылық шапанын кийиўге асықпай атырғанлықта» деп айыплайды. Негизинде бүгинги күни «Еркин Қарақалпақстан» газетасында пенсия жасындағы еки адам ¬ белгили жазыўшы-журналист, он бестен аслам китаптың авторы Өмирбай Өтеўлиев ҳәм Бас редактор К.Реймов, «Вести Каракалпакстана» газетасында Галина Тюгайлар ислейди, «Қарақалпақ әдебияты» газетасында халық шайыры, талантлы журналист Г.Аннақлышева, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров басшы болып ислеп атыр.

Ө.Өтеўлиев пенсия жасында болғаны менен ел-халық арасында абырайы күшли, газетамызға жазылыў барысына айрықша мийнети сиңип киятыр, гәп-сөзи төрели ақсақаллардан есапланады. Г.Тюгай да Ташкент мәмлекетлик университетин питкергели берли усы газетада қатардағы хабаршыдан жуўаплы хаткер лаўазымына көтерилген. Бүгинги күни де қәлеми өткир, социаллық тараўдағы көплеген мәселелер ҳаққында аналитикалық мақалалар жазып киятыр.

Ал, Г.Аннақлышева ҳәм Х.Дәўлетназаров ҳаққында сөз етип отырыў шәрт емес, оларды халқымыз жақсы биледи.

Автор мақаласында ҳүкиметлик басылымларды социаллық сайтлар ҳәм «сары пресса» ¬ «Даракчи», «Бекажон» газеталары менен салыстырады. Негизинде социаллық сайтлар ҳәм «сары пресса»ны ҳүкиметлик басылымлар менен салыстырыў улыўма нырыққа сыймайды. Себеби, редакцияның Уставы ҳәм бағдарламасы тийкарында ҳүкиметлик пәрман-қарарлар, Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳәм олардың орынланыў барысын бериў бойынша рәсмий материаллар басым. Сонлықтан, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги, Қарақалпақстан хабар агентлиги таярлаған материаллар көбирек орынды ийелейди. Усы жерде атап өтетуғын бир нәрсе, ӨзАның ўәлаятларда тек бир ғана хабаршысы болса, республикамызда ӨзАның Қарақалпақстан хабар агентлиги бөлими арнаўлы ашылған. Өйткени, Ташкенттен келетуғын рәсмий материаллар, Президенттиң Пәрман, қарарлары ҳәм басқа мәселелер қарақалпақ тилине аўдарылып, барлық газеталарға берилетуғынын ҳәмме биледи.

Газетаның тиражының азайыў тенденциясы буннан үш жыл бурынғы мәжбүрий жазылыўды тоқтатыў ҳаққындағы пикирлерден соң пайда болды. Оның үстине, жазылыў баҳаларының қымбатлағанына байланыслы ҳәм газета өз ийелерине ўақтында жетип бармағаны да себеплердиң бири. Мысалы, Өзбекстан көлеминдеги «Халқ сўзи» газетасының буннан үш жыл бурын оқыўшылар саны 171 мыңға жеткен еди, ал, «Ўзбекистон овози» болса 28-30 мың нусқада шығып турды. Бүгинги күни болса, «Халқ сўзи» газетасы быйылғы жылдың басында 60 мың тиражда, ҳәзирги ўақытта 30 мың тиражда, ««Ўзбекистон овози» газетасы болса жылдың басында 1700ден аслам, бүгинги күни 2 мың нусқада басылмақта. Бул еки газетаның да редакторлары пенсия жасындағы көрнекли журналистлер Уткир Рахмат ҳәм Сафар Остановлар көп жыллардан берли басшы болып ислеп киятыр. Усы еки газетаның тиражының кемейиўи де С.Оразымбетовтың ойынша пенсия жасындағы атап өтилген редакторлардың «хызмети» деп айыплаў ҳеш қандай нырққа сыймайды.

Мақала авторы газета тиражының кемейгенлиги «бас редакторлардың пенсия жасынан өтип, бурынғы заман өлшеми менен ойлап атырғанынан, деп ойлайман», «жумыста пенсия, балалары, ақлықларының машқалалары, ишетуғын дәрилерин ойлап отыратуғынлар ҳүрметли дем алысқа кетпесе, кейинги әўладқа орын босатып бермесе, баспасөздиң келешегине қара сызық тартыла береди…» деген жуўмаққа келеди.

Усы жерде автор социаллық сайт пенен салыстырып, «Еркин…»¬-«Вести…» газеталарының тиражының азайып кеткенин көрсетип, «Қорақалпоғистон тонги» газетасы ҳәм «Әмиўдәрья» журналының тиражы көтерилгенлигин айтып өтеди. Буның себеби, быйылғы жылы республика бюджетинен жети газетаға 636 млн. сум июль айынан баслап жәрдем берилген еди. Бул еки басылымның тиражының көбейиўи соған байланыслы болып отыр. Ал, өткен жылы усы аталған газета-журналларға апрель айынан баслап декабрьге дейин бюджеттен 1 млрд. 677 млн. сум жәрдем сыпатында қаржы берилди.

Және де автор пенсия жасындағылар жасларға орын босатпай атыр деп айыплайды. Ҳақыйқатында болса, соңғы үш жыл ишинде «Еркин…», «Вести…» газетасының пенсия жасындағылардан 12 адам пенсияға кетти. Олардың орнына жаслар Н.Мәмбетирзаева, Т.Жәримбетова, З.Жақсымуратова сыяқлы журналистлер келип ислеп атырғанын С.Оразымбетов жақсы биледи. Автор «бүгинги күни республикамыздың көпшилик газета-журналлары Хорезм ўәлаятының типографиясында басылып атыр, республикамыздың бюджетинен келип түсетуғын қаржының сыртқа кетиўине себепши болмақта» деп жалған мағлыўмат береди. Газеталар Хорезмде басылғаны менен олардың қаржылары республикамызда қалмақта, себеби, газетаның сапалы басылыўына Нөкис қаласында Н.Сараев көшеси, 1-жайда жайласқан «Golden Print Nukus» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер.

Газеталар басылатуғын «Нөкис полиграфкомбинаты» жеке меншик кәрханаға айланған болып, бул машқала бойынша ҳәр жылы республика жоқары уйымларына газеталарды реңли басатуғын машина алыў бойынша қайта-қайта усыныслар болды. Деген менен, жеке меншик кәрхананың басшыларының кредит алып, машина сатып алыўға имканияты болмай киятыр. Сонлықтан, «Ешейинде баспасөздиң машқалаларын көтерип шығып жақсы атанып жүрген Қарақалпақстан халық жазыўшысы, абырайы бәлент саналған айтқыш М.Нызановтың да пәрўайы пәлек. Ал, Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм хабар коммуникациялар агентлиги Қарақалпақстан басқармасы директоры Азамат Бекмуратовқа дүньяны суў алса да бир пул» деп айыплаўы да орынсыз. Бул бойынша мақала авторына есап бериў нийетимиз жоқ. Деген менен, исленип атырған жумыслар тек бизлерден ғәрезли емес.

Газетаға жазылыў машқаласы Өзбекстан көлеминде шешилмей атырғаны, бул туўралы Ҳүрметли Президентимиздиң Муғаллимлер ҳм устазлар күнинде шығып сөйлеген сөзинде айрықша итибар берилиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе.

«Тилекке қарсы, биз кейинги жылларда «мәжбүрий жазылыў» бәнесинде ықтыярый жазылыўды да жоғалттық. Буның нәтийжесинде мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының оқытыўшы ҳәм устазлары өзлери ушын зәрүр болған газета-журналлардан да айырылып қалды. Сондай аянышлы жағдайға келдик, ҳәтте айырым басшылар газета оқымаслығы менен мақтанатуғын болды.

Өзиңиз билесиз, дүньяда компьютер технологиялары ең раўажланған мәмлекетлердиң бири ¬ Япония. Лекин, бул мәмлекетте күнине 3-4 миллион нусқада басылып шығарылатуғын газеталар барлығына не дейсиз. Соны айтпақшыман, турмысымызда радио, телевидение, интернет пенен бирге басылымлардың да өз орны бар», - деп айрықша атап өтти ол.

Жақында «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасының усы жыл 30-октябрь санында Наманган мәмлекетлик университетиниң профессоры Қ.Насиров «Яна мажбурий обуна ҳақида» мақаласында бүгинги газета-журналлардың тиражлары ҳаққында, олар басынан кеширип атырған машқалалар ҳаққында күйинип жазған. Бунда ҳүрметли профессор бурыннан қәлиплесип киятырған мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары китапханаларына бюджеттен қаржы ажыратып, газета-журналларға жазылыўды шөлкемлестириўди мәселе етип қояды. Олардан оқыўшылар китапханаларда мақсетке муўапық пайдаланар еди, деп усыныс билдиреди.

С.Оразымбетов «ақыбетинде газетаның абырайы түсип кетиўине редакцияда ҳәм пенсия, ҳәм айлық алып, жумысқа аўырып келип, аўырып қайтатуғын, жаңа идея, жаңа басламаларды көтерип шығыўға, жаңа темаларды ойлап табыўға денсаўлығы көтермейтуғын, туўрысы өз абырайын ойлаўдан артпай атырғанлар жумыс ислеўинен келип шықпақта» және «жумысқа зорға келип-кетип, мүлгип отыратуғын бас редакторлар, мениңше, ески «Жигули»де ҳәзирги «Кобальт»ты қуўып өтиўге урынып атырғанға қусайды. Бул болса қыялпаразлықтан басқа нәрсе емес. Жумыста пенсия, балалары, ақлықларының машқалаларын, ишетуғын дәрилерин ойлап отыратуғынлар ҳүрметли демалысқа кетпесе, кейинги әўладқа орын босатып бермесе баспасөздиң келешегине қара сызық тартыла береди…» деп «көзи ашықлық» етеди.

Бас редакторларды жоқарыдағы сөзлер менен айыплаў, олардың намысына тийиў (ҳақорат) болып есапланбай ма? Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодексиниң 41-статьясында, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 140-статьясында ҳақоратлаў, яғный, шахстың ар-намысына, қәдир-қымбатына тийиў, қастан кемситиў жынайы жуўапкерликке себеп болады. С.Оразымбетовтың жоқарыдағы сурбетлик пенен жазған гәплери журналисттиң намысына тийиў ҳәм кәсиплик этикасын бузыў емес пе? Оның ҳәр гәпинде пенсиядағы басшылардың намысына тийиў, «ҳәм пенсия, ҳәм айлық алып, жумысқа аўырып келип, аўырып қайтатуғын, жаңа идея, жаңа темаларды ойлап табыўға, жаңа басламаларды көтерип шығыўға денсаўлығы көтермейтуғын, туўрысы, өз абырайын ойлаўдан артпай атырғанлығы, жумысқа зорға келип кетип, мүлгип отыратуғын бас редакторлар»,- деп зәҳәрин шашады. Бундай намысқа тийип айыплаўлар тек ғана қағазға сыяды.

Демократия, баспасөз еркинлиги деп, Президентимиз блогерлерди қоллап-қуўатлайды деген ойда Оразымбетов аўзына келгенин жазып, сайтларға тарқатпақта.

Ол усы жыл отызыншы ноябрьде @xalabbaу сайтында «Қарақалпақ баспасөзи бий аға, бий апалардан қашан қутылады?» деп және бир зәҳәрге, жалғанға ҳәм қопал бурмалаўларға толы мақаласын жәриялады. Мақала авторы С.Оразымбетов Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң жумысларын жоққа шығарыўға ҳәрекет етеди ҳәм өзиниң таярлаған материаллары газетаға шықпай, сайтларға бергенлиги, оған жоқарыдан басым жасалғанлығын билдиреди. «Бүгин газетаның финанслық жағдайы төмен болғанлығы нәтийжесинде «Еркин…»ди бираз журналистлер таслап кетти, деп жар салады. Атап айтатуғын болсақ, Ә.Оразов, Р.Арзиев, А.Оразов» деп көрсетеди. Негизинде олар илимий жумысына қолай болыў ушын жоқары оқыў орынлары баспасөз хызметине өз тилеги менен, ал, Әдил Оразов болса Бозатаў районына ҳәкимият баспасөз хызметиниң баслығы болып кетти.

Усы жерде ол Журналистлер аўқамының жумыс ислемей атырғанын, журналистлердиң турмыс шараятын жақсылаў үстинде бас қатырмай атырғанлығын көрмедим де, еситпедим де, дейди. Ҳәзир жас журналистлер кирейде турады, қәрежетинен қыйналып атыр. Басқа тараўларда, ишки ислер министрлигиниң ишки ислер хызметкерлери, көркем өнер тараўында жасларға итибар берилип, жетискенлиги ушын турақ жай, автомобильлер менен сыйлықланып атыр. Ал, Қарақалпақстанда бирде-бир журналисттиң турақ жай ямаса автомобиль менен сыйлықланғанын ямаса айырым тараўлар сыяқлы жеңилликлер берилип атырғанын көрмедим, деп айыплайды.

Халықта «Қулдың кеўли қурт күсер» атлы мақал бар. Мақала авторы сайтлардағы еки-үш жәриялаған мақаласы ушын автомобильди күсеп қалыпты.

Усы жерде ол аўқам баслығы К.Реймовтың иниси Қонысбай Реймовтың «Жылдың ең белсенди журналисти» сыйлығын алғанлығын айтып, иниси алыўы керек болғаны ушын бергизген, деп нықыртады. Қонысбай Реймовтың сонша жылдан берли ислеп атырған мийнетин С.Оразымбетов билмесе де, басқалар биледи.

Буннан кейин автор қарақалпақ баспасөзи «Еркин Қарақалпақстан» газетасы тәжирийбе майданына айланып қалды, деп тоңқылдайды. Негизинде «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бурын да, ҳәзир де жас кадрларды таярлаў ошағы ҳәм оны ҳәмме биледи. «Еркин…»ниң аўыл хожалығы бөлиминде жети жыл ислеген марҳум Абдулла Ембергеновтың К.Реймов тәрепинен балалар газетасы «Жеткиншек»ке бас редактор етип жибергенине не деўге болады?

Марҳум А.Ембергеновтың «Жеткиншек» газетасында он жыл даўамында қалай ислегенин, газетаның абырайын жоқарыға көтергенин С.Оразымбетов билмегени менен халық биледи. Буған түсиник берип отырыў артықша. Мусылманшылықта марҳумның изинен өсек гәп айтылмайды. С.Оразымбетов усыны билип қойғаны мақул. Автор өз мақаласында «Еркин…»нен басшылыққа тартылғанлардың ҳеш биринен кеўли толмайды. Кеңесбай Каримов, Халила Дәўлетназаров, Қурбанбай Байниязов, Даўыт Абибуллаев, Әдилбай Оразов, Парахат Палымов, Сағындық Жаниев сыяқлы журналистлерди жақтырмайды.

Баспасөзде ағайиншилик күшейип кеткен, деп Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 79-статьясын көрсеткиси келеди. Бул статьяда негизинде ағайинлердиң бир жерде ислеўи, егер олар басшы, материаллық жуўапкер (мәселен, есапшы, кассир) сыяқлы материаллық жуўапкершиликли болса ғана ислеўи мүмкин емеслиги көрсетилген. Усы жерде ол 1988-жылдан баслап баспасөз ҳәм хабар агентлигинде ислейтуғын Бахтияр Жийемуратовтың ҳәзирги Өзбекстан мәлимлеме коммуникация агентлиги Қарақалпақстан бөлими директоры А.Бекмуратов пенен дайылы-жийенли екенлигин айтып, олар бир жерде ислеўге болмайды, деп ақыл үйреткиси келеди. Сондай-ақ, ол К.Реймовтың келиншеги Б.Исламованың пенсияға шықса да «Қарақалпақстан жаслары» газетасында еле корректор болып ислейтуғынын сынға алады. Сондай-ақ, ол журналистлик хызмети арқалы ҳеш ким танымайтуғын, бурын тайынлы лаўазымда ислеп көрмеген, қатардағы кишкене адам А.Бекмуратовтың директор болғанын таныс-билислик, қәтере менен алған, деп айыплағысы келеди.

Тырнақ астынан кир излеген С.Оразымбетов республикалық дәрежедеги басшылардың Республика Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен таңлап алынатуғынын билсе де билгиси келмей ҳәм барлық дөҳметти Кеңесбай Реймовқа қаратып отырғанын қалай түсиниўге болады? Мысалы, С.Оразымбетов өзиниң сайтқа жазған ҳәм газетада жәриялаған сын мақалаларының бәринде басқаларға гүман менен қарап, бәрше оның ойынша саўға-сәлем, таныс-билислик пенен жумысқа өтти, деп миннетли түрде қыстырып өтеди.

Усы жерде «С.Оразымбетовтың өзи ким» деген саўал туўылады. Қысқаша мағлыўмат берип өтейин, С.Оразымбетов 1976-жылы Кегейли районында туўылған. 1998-жылы ҚМУды журналистика қәнигелиги бойынша питкерген. Ол оқыўдан қуўылып жүрген ўақтында оған Халила Дәўлетназаров жәрдем берген еди. Ал, баспасөз тараўына 2000-жылы март айында араласқан ҳәм оның жумысқа кириўине мен себепши едим. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының баспасөз секретары лаўазымында ислеп атырғанымда «Билим» баспасының сол ўақыттағы директоры П.Есбосыновқа өтиниш еткен соң ол жумысқа алынған еди. «Билим» баспасына март айынан екинши категориялы қәниге сыпатында алынды. Арадан бир ай өткен соң киши редактор ўазыйпасына түсирилген. 2001-жылы болса С.Оразымбетов ўазыйпасынан өз арзасы менен босатылып, Кегейли районлық ХББне қараслы 2-санлы мектептиң жасларды әскерий шақырыққа шекем таярлаў ислери бойынша директор орынбасары болып тайынланған. 2005-жылдың 12-ноябринде «Аму тонги» газетасына хабаршы етип жумысқа алынып, 2006-жыл 10-марттан баслап лаўазымынан босатылған. Ал, 2010-жылдан «Устаз жолы» газетасына реклама бойынша қәниге етип февраль-декабрь айларына шәртнама менен жумысқа өтеди. Буннан кейин еки-үш ай мүддетке 0,5 штаты менен корректор лаўазымына өткерилген. 2011-жылда «Жипек жолы» газетасының арнаўлы хабаршысы болып жумысқа алынған ҳәм 2014-жылы жумыстан босатылған. Ол 2015-жылдан баслап жоқары уйымларға, Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамына өзин жумысқа орналастырыў бойынша бир неше мүрәжат хатларын жазған. Негизинде ол дөретиўшилик аўқамының ағзасы болмаса да усы аўқамның Қарақалпақстан бөлими оны қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыўға ҳәрекет етип, бир қатар газеталарға усыныслар билдирди. Бирақ, оны ҳеш бир редакция жумысқа алыўды мақул көрмеди. Ол қайсы мәкемеде жумыс ислесе де жәмәәт пенен тил табысыўы қыйын болғанлықтан, өзине сай характеринен бе, бир жерде турақлы жумыс ислей алмайды. Шынында оның унамсыз ҳәрекетлери журналистлер арасында жақсы мәлим болғанлықтан ҳеш бир редакция оны жумысқа алғысы келмейди. Оны республиканың барлық газета жәмәәтлери жақсы таныйды.
2017-жылы март айының басында мениң ҳәм редакция хызметкерлериниң айырымлары үстинен Өзбекстан Республикасы жоқары ҳуқық қорғаў уйымларына (бир жорасы менен соавторлықта) оның дөҳмет-жала толы арзасы бойынша республика прокуратурасы жанындағы Департамент хызметкерлерине түсиник хат берген едик. Бул шағым арзадағы көрсетилген фактлер тастыйықланбаған соң биз, журналистлер Қ.Байниязов, Ә.Оразов оны жала жапқаны ушын судқа бериў ҳаққында усынысларды берген едик. Бирақ, негедур бул мәселе тоқтап қалды. Егер, С.Оразымбетов сол сапары жазаланғанда, бундай жала-дөҳмет арзаларды қайта жазбас па еди, деген пикир туўылады.

Деген менен, С.Оразымбетовтың сайттағы мақалаларын көрип, халқабадлы таныс жигитлердиң бири маған қоңыраў етип, «Ол дуўа кеткен жигит ғой, ол ҳеш кимниң айтқанын тыңламайды. Еле көрерсең, жала-дөҳметке толы арзаларды талай жазады» деп айтқан еди. Ҳақыйқатында да, халықта «Бүкирди гөр дүзейди» деп усындайларға айтылған болса керек-тә.

Президентимиз Ш.Мирзиёев республиканың барлық жеринде Халық қабыллаўханаларын ашқаны жақсы мәлим. Усыннан баслап ол Президент қабыллаўханасына, Министрлер Кабинетине қайта-қайта арза менен мүрәжат етеди. 2017-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қабыллаўында болып, «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жетекши қәниге лаўазымына алынған еди. Усы жыллар ишинде өзин қалай көрсетип жүргенлигин сайтлардағы мақалаларынан көрип отырсыз.

С.Оразымбетовтың бул ис-ҳәрекетлеринен өзлериңиз жуўмақ шығарарсыз.

Кеңесбай РЕЙМОВ,
Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы