Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.12.2020 18:23
  • 912

Тахтакөпирде «Қаратерең ырғақлары» жаслар фестивалы өткериледи

Тахтакөпирде «Қаратерең ырғақлары» жаслар фестивалы өткериледи
2021-жылдың май айында Тахтакөпир районында «Қаратерең ырғақлары» атамасында жаслар фестивалын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар ислеп шығылмақта. Бул ҳаққында Халық дептутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 17-сессиясынан соң шөлкемлестирилген баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер, блогерлер менен өткерилген баспасөз конференциясында район ҳәкими Ж.Адилов айтып өтти.

Сондай-ақ, районның визит карточкасы болған Қаратерең көли әтирапында туристлик объектлерди қурыў, бул жерде гастрономиялық, медициналық туризмди раўажландырыў, халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша исленетуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

- Ҳәзирги ўақытта Қаратерең бойына инженерлик-коммуникациялық тармақларды алып барыў, атап айтқанда , 9 километр аралыққа электр энергиясын жеткериў бойынша жойбарлар ислеп атырмыз. Бул арқалы ол жерде исбилерменлик субъектлери ушын шараятлар жаратамыз, - деди Ж.Адилов.
Тахтакөпирде «Қаратерең ырғақлары» жаслар фестивалы өткериледи
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта район ҳәкимлиги тәрепинен арнаўлы топарлар дүзилип, районда зыярат туризмин раўажландырыў бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында