Telegram karinform

Мәденият

  • 12.12.2020 17:49
  • 1321

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Респуликасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы шөлкемлестириўинде бүгин, 12-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасындағы қуўнақ ҳәм зийрек жаслар арасында «Қуўнақ жаслар» таӊлаўы өткерилди.

Басқарма рәсмий каналында жәрияланған хабарға қарағанда, таӊлаўда жәми 7 команда қатнасыўшылары 3 шәрт бойынша, яғный Сәлемнама - «Сәлем, Биз және сахнадамыз!», «Биатлон» ҳәм еркин тема - «Ўақыя былай болған еди…» шәртлери тийкарында өз-ара жарысты.

Таӊлаў жуўмағында, «Үстирт жулдызлары» командасы 1-орынды ийелеп диплом ҳәм арнаўлы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы және қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Сыйлы 2-орынға «Туран» командасы, ал 3-орынға «Хожели жаслары» командасы ылайық деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Таӊлаўға белсене қатнасқан командалар ҳәм номинациялар тийкарында команда ағзаларына ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары берилди.
«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды
«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды
«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды
«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Телеграм жаңаланды: енди бирге ислесиў бағдарламаларын иске түсириў мүмкин

Телеграм жаңаланды: енди бирге ислесиў бағдарламаларын иске түсириў мүмкин

Телеграм мессенжрлери 4-декабрь күни  Android ҳәм iOS ушын 11.5 версиясына шекем жаңаланды. Енди пайдаланыўшылар коллаж-сторислер жаратыўы,...

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

    Усы жылдың 28-30-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың паражүзиў түри бойынша «Өзбекстан кубогы» шөлкемлестирилди. Бул