Telegram karinform

Спорт

  • 03.12.2022 09:00
  • 2419

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

 

Усы жылдың 28-30-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың паражүзиў түри бойынша «Өзбекстан кубогы» шөлкемлестирилди. Бул жарысқа елимиздиң 12 ўәлаятынан ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан 150 ге шамалас жас спортшылар белсенди қатнасты.

 

 

Жарыс қызғын ўақыяларға бай тәризде болып өтти. Өткерилген жарыста қарақалпақстанлы спортшыларымыз да жақсы нәтийжелерге еристи. Жас спортшы қызлардан 50 метр еркин усылда ҳәм 100 метр шалқасына жүзиў категориясы бойынша жоқары Қалилаева Турсынай 1-орынды, 50 метр еркин усыл, 100 метр баттерфлай, 100 метр шалқасына жүзиў усылы бойынша Шаниязов Айтуўған 2-орынды ийелеўге мияссар болды. Улыўмалық есапта спортшылар Ташкентте өткерилген жарыстан 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди.

 


 
Және де Қарақалпақстан Республикасынан барған спортшыларымыз Ш.Абиллаева, А.Реyмова, Р.Рейимбаев, Ш.Ережепбаева, С.Худияров жарыста белсенди қатнасқаны ушын дипломлар менен сыйлықланды.
 Спортшыларды жүзиўдиң түрлери бойынша тренерлер Азамат Илясов ҳәм Әдилбек Кеңесбаевлар таярлады.

 

 

Шахноза-Бану Абдуллаева

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул