Telegram karinform

Сиясат

  • 15.12.2020 16:37
  • 1559

Кегейли районы ҳәкими өзгерди

Кегейли районы ҳәкими өзгерди

Усы жылдыӊ 15-декабрь күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген Утемуратов Даўлетбай Минажович Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.

Д.Утемуратов усы жылдың апрель айына шекем Қараөзек районы ҳәкими лаўазымында ислеген еди.

Еслетип өтемиз, 2020-жылдың ярварь айынан усы күнге шекем Муратбай Абдиров Кегейли районы ҳәкими болып ислеп келди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен