Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.01.2021 17:47
  • 760

Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери

Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери
Өзбекстан республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның қорғаныў қүдиретин ҳәм әскерий-техникалық потенциалын жоқарылатыў, мәмлекеттиң қәўипсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, профессионал миллий армияны қәлиплестириў ҳәм абырайын арттырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетте тынышлық-татыўлық және жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы жемисли мийнети, даңқлы ҳәм муқаддес миннетин атқарыўда мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени, жасларды ўатанды сүйиўшилик ҳәм ана ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, жоқары шеберликке ийе кадрларды таярлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Жасорат» медалы менен

Мухаммадиев Рустам Идрисович-Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы айрықша жағдайлар бөлими баслығы

«Соғлом турмуш» медалы менен

Матқурбанов Сардор Балтабаевич-Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий округ Нөкис әскерий госпиталы баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Эргашев Асқар Тураевич-Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Нөкис» халықаралық аэропортында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша айрықша батальоны қадағалаўшысы

Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ


Ташкент қаласы,
2021-жыл 12-январь

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити