Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.01.2021 14:48
  • 723

Депутатлар такси басқарыўшыларынан лицензия талап етпеў усынысын билдирди

Депутатлар такси басқарыўшыларынан лицензия талап етпеў усынысын билдирди
19-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының комитетинде «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-принциплери ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаўға арналған фракциялар аралық додалаў болып өтти. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасы баспасөз хызмети хабар берди.

Депутатлар жеке автомобильде жолаўшы тасыўды лицензия талап етилетуғын хызмет түринен шығарып, ўәкилликли уйымларды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын хызмет түрлери дизимине киргизиў усынысын алға сүрген. Бул арқалы таксишилик пенен шуғылланыўшылар ушын жеңиллик жаратыў мақсет етилген.

«Усы хызмет түриниң бир дизимнен екинши дизимге алыныўы транспорт басқарыўшыларға жолаўшыларды қала, қала әтирапында ҳәм қалалар арасында жеңил автомобильде тасыў ушын рухсатнама алыў процесин жеңиллестиреди ҳәм төлем суммасының әдил түрде белгилениўине алып келеди», - деп жазылған хабарда.

Билдирилген усыныс ҳәм пикирлер нызам жойбарын жетилистириў процесинде көрип шығылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал