Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.01.2021 17:31
  • 1095

Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста

Бүгин, 21-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында филология илимлериниң кандидаты, профессор, белгили русист-социолингвист илимпаз Қутлымурат Қощановтың 70 жыллық юбилейине арналған илимий теориялық конференция болып өтти.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Қ.Қощанов 1951-жылы 21-январьда Кегейли районында дүньяға келген. 1967-жылы орта мектепти питкерип, дәслепки мийнет жолын типографияда жумыс ислеўден баслаған болса, 1974-жылы сол ўақыттағы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның рус тили ҳәм әдебияты бағдарын айрықша баҳалар менен питкерген. Студентлик жылларынан баслап илим ҳәм билим алыўға болған қызығыўшылығы, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги себепли мәмлекетлик стипендиялар таңлаўы жеңимпазы, институт жаслар жетекшиси болған.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Соның менен бирге, жас ўақтынан баслап Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан, сондай-ақ, бурынғы Аўқам көлеминдеги үлкен қурылыс-абаданластырыў жумысларында, жаслар делегациялары қурамында қатнасқан.

Қ.Қощанов 1983-жылы филология илимлери бойынша кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шықты. 1978-1990-жыллар аралығында сол ўақыттағы Нөкис мәмлекетлик университети (ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети)нде оқытыўшы, кафедра доценти, заманагөй рус тили кафедрасының баслығы лаўазымларында жумыс иследи. 1990-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қайта шөлкемлестирилгеннен кейин усы жерде рус тили ҳәм әдебияты факультети деканы, кейин ала оқыў ислери бойынша проректор лаўазымларында мийнет етти. Университет жанындағы докторлық диссертацияларды қорғаў бойынша қәнигелестирилген кеңестиң ағзасы сыпатында көплеген кандидатлық ҳәм докторлық диссертациялар, монографиялар, сабақлықлар, оқыўлық қолланбалар ҳәм сөзликлерге рецензиялар жазып, елимизде илимниң раўажланыўына салмақлы үлес қосты.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Сол дәўирден баслап усы күнге шекем институтта проректор, факультет деканы, кафедра баслығы ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда мийнет етип, келешек әўладлардың жоқары билим алыўына хызмет етип келмекте.

Қ.Қощанов Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы билимлендириў орынлары ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын 50 ден аслам монография, сабақлық ҳәм оқыўлық қолланбалардың авторы болып табылады. Соның менен бирге, профессордың қәлемине тийисли 250 ден аслам илимий мақалалары Қарақалпақстан, Өзбекстан, ҒМДА ҳәм басқа да сырт еллердеги абырайлы илимий журналларда, илимий конференциялар топламларында басылып шыққан.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Институттың «Илим ҳәм жәмийет» журналының редколлегия ағзасы сыпатында журналда илимий потенциалы жоқары болған мақалаларды жәриялаў, журналдың халықаралық абырайын көтериў жумысларында үлги көрсетпекте.

Оның илимий мийнетлери мәмлекетимиз басшылары ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүрмет жарлығы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳүрмет жарлығы ҳәм басқа да жоқары дәрежели сыйлықлар тапсырылған.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Конференцияда профессор Қ.Қощановтың қарақалпақ ҳәм рус тилиниң байланысларын терең изертлегени, сөзликлер дүзилиўинде қатнасқан лексикограф, соның менен биргеликте, тил тарийхшысы екенлиги НМПИ рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, доцент А.Ходжаниязова, Өзбекстан Илимлер Академиясының вице-президенти, Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими президиумы баслығы, академик Н.Айымбетов, НМПИ профессоры К.Алламбергенов, НМПИ доценти А.Пазыловлардың баянатларында атап өтилди.
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Профессор Қутлымурат Қощанов 70 жаста
Илажда профессор Қ.Қощановтың кәсиплеслери, дослары, шәкиртлери, шаңарақ ағзалары шығып сөйлеп, юбилей ийесин қутлықлады ҳәм оның илимий-педагогикалық, шаңарақлық турмысындағы әжайып инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққында айтып берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

    Бостон университети жанындағы медицина мектеби алымлары 30 жасқа шекем туўған ҳаяллардан көре 33 жастан кейин

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен