Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2021 16:48
  • 1327

Мектеплерде «Тәрбия» сабағын қайсы пән муғаллимлери өтетуғыны мәлим етилди

Мектеплерде «Тәрбия» сабағын қайсы пән муғаллимлери өтетуғыны мәлим етилди
2020-2021-оқыў жылы 3-шерегинен баслап Өзбекстандағы барлық мектеплерде 1-класстан 9-классқа шекем ҳәптесине 1 сааттан «Тәрбия» сабағы өтилмекте.

Республикалық билимлендириў орайының хабар бериўинше, жаңа пәнди:

- 1-4-классларда баслаўыш класс басшылары;
- 5-11-классларда алдын «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» пәнлеринен сабақ берген муғаллимлер;
- «Тарийх», «Ана тили ҳәм әдебияты» пәни муғаллимлери оқытады.

«Kun.uz» сайтының орай баспасөз хызметинен алған мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта «Тәрбия» пәниниң 1-9-классларға шекемги сабақлықлары баспадан шығарып болынған, бирақ тарқатыў менен байланыслы машқалалар себепли айрым мектеплерге жетип бармаған болыўы мүмкин.

Сабақлықтың туўысқан тиллердеги ҳәм рус тилиндеги варианты да басып шығарылған.

10-11-класслар ушын бул сабақ 2021-2022-оқыў жылынан басланыўы нәзерде тутылған.

Республикалық билимлендириў орайының усынысына муўапық, пән саатларын «Улыўма билим бериў мәкемелеринде классларды комплектлеў және тарификациялық дизимлерди қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы уставтың 15-бәнтинде белгиленген көрсеткишлердиң баслы избе-излиги тийкарында бөлистириў керек.

Мағлыўмат ушын, «Тәрбия» пәни мектеплерде «Әдепнама», «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» және «Дүнья динлери тарийхы» пәнлерин бирлестирген ҳалда енгизилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.